Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын

Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын Н
Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын
Kanal adresi: @ne_ushin
Kategoriler: Eğitim , Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 6.41K
Kanaldan açıklama

🔸 "Не ушын" сораўына жуўап бериўши канал !
📌 Канал жөнелиси | Илим
📮 Реклама | @ne_ushin_reklama
📌Каналымыз | @ne_ushin
⚡️Канал группасы | @Ne_ushin_comment

Ratings & Reviews

1.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

2

1 stars

1


En son Mesajlar 129

2021-11-03 07:29:18
Не ушын "Таўық биринши пайда болғанба яки майек" деген сораўға жуўап жоқ?

— Уллы Британиялық алымлар "Таўық алдын пайда болғанба яки майек" деген әзелий тартысыўға шек қойды.Олар буның ушын үлкен көлемдеги изертлеў өткерди.

— Излениўлерге қарағанда, майек қабыршығын пайда етиўде үлкен рөл ойнайтуғын протеинлерден бири ОС-17 таўық организиминен сыртта ислеп шығарыў мүмкин емеслиги анықланды

Сол себептен, Британиялық алымлар заманагөй пәндеги ең тартыслы сораўлардан бирине жуўап тапты: таўық майектен алдын пайда болған!

П.с Енди жуўап бар !

Каналымыз | @ne_ushin
3.6K viewsedited  04:29
Aç / Yorum Yap
2021-11-03 05:33:54
Не ушын көп мугдарда ямаса турақлы Ролтон жеў зиянлы ?

— Бир қарағанда, өним зыянлы көринбейди, себеби тийкарғы қурамлық бөлимлери: ун, суў, дуз. Тийкарынан, макаронды таярлайтуғын ун дәнли ун емес, оны күнделик жеў ямаса күнине бир неше рет пайдаланыўға болмайды.

— Макарон қурамындағы ун инсан саламатлығына унамсыз тәсир етеди: асқазан ҳәм ишек дийўалларын жоқ етеди, бул иммунитеттиң төменлеўине алып келеди. Буннан тысқары, өним көп муғдарда дузларды өз ишине алады - бул бүйреклерге зыян жеткереди.

— «Ролтон» ның тийкарғы зыянлы тәрепи дәм беретуғын қосымшалары, күшейттиргишлер, химиялық дәм бериўшилер (приправа) себепли жүзеге келеди. Бул елементлер организмди кислоталастырады, иммунитеттиң ҳәлсиреўине алып келеди. Көп муғдарда токсинлер топланды - бул ишки органларды, биринши нәўбетте, асқазан-ишек трактын келтирип шығарады.

@Ne_ushin
3.3K viewsedited  02:33
Aç / Yorum Yap
2021-11-02 18:32:47 Internet Saytlar hàm Telegram bot isleymiz.

Baylanis ushin | @ulli_dsd
680 views15:32
Aç / Yorum Yap
2021-11-02 16:34:30
Азыў ушын үй шараятында қандай усыллардан пайдаланыў мүмкин ?

Азыў ушын, әўеле семириўшилик себебин анықлаў керек. Семириўшиликке тек алиментар факторлар емес, организмдеги гормонал өзгерислер, түрли кеселликлер де себеп болады.

Алиментар факторлар тәсири нәтийжесинде семириў:
Туўры аўқатланыў, углеводлар қабыллаўды кемейтиў, мазалы затлар, қамырлы аўқатларды шеклеў, майлы аўқатлар қабыллаўды кемейтиў;
Күн даўамында суў ишиў, азанда азанғы шайдан 30 -40 минут алдын жыллы суў ишиў, газлы ишимликлер, түрли сокларды шеклеў. Булардың орнына тәбийий мийўелерден таярланған компотлар ишиў;
Жүдә тойып аўқатланбаў, кешки аўқат порциясын кемейтиў, кеште 20. 00 ден кейин аўқатланбаў;
Ҳәр күни 8000-10000 қәдем жүриў, спорт менен шуғылланыў ҳәм саламат уйқы рационына әмел қылыў керек.

@Ne_ushin
1.3K views13:34
Aç / Yorum Yap
2021-11-02 06:24:08
Лық-лықлардан қутылыўдың 3 универсал усылы.

1. Тилдиң түбирине басым. Буны әмелге асырыў ушын бармақларыңыз бенен оның тийкарына тийиўиңиз керек. Бул ҳәрекет қызылөңештиң спазмына алып келеди ҳәм диафрагманың ериксиз қысқарыўы тоқтайды.

2. Тилиңизди сыртқа шығарып, сол жағдайда устап турыў арқалы лық-лықты жеңиўиңиз мүмкин. Егер керек болса, тилди бармақларыңыз бенен азғантай устап турып, лық-лықлардан қутылыў да мүмкин.

3. Затларды жеў менен де лық-лықты сапластырыў мүмкин. Мысалы, лимон бөлеги, бир қасық қумшекер, бир шымтым дуз. Анық дәмге ийе болған өним асқазанға киргеннен кейин, ол көп муғдарда хлорид кислотасын шығарады. Бундай реакция денени лық-лықлардан шалғытады.

@Ne_ushin
1.4K views03:24
Aç / Yorum Yap
2021-11-01 16:13:23
Assalawma aleykum. Jańalıq!
Saiga baģdarlaması iske tústi. Saiga bul qaraqalpaq jasları tárepinen islengen, qalalar aralıq taksi xızmeti.

Platformamız hár tárepleme qolaylı hám jánede ıqshamlastırıw ústinde islep atırmız.
Yaģnıy shofer bolıw ushın tek dizimnen ótip avtomobilińizdi saytımızda online tastıyıqlatasız.
Jolawshılardan hesh narse talap etilmeydi, tek ģana qaysı qaladan qaysı qalaģa barıw kerekligin belgilese jeterli.
Yaģnıy bunda jol-jónekey ketip baratırģan avtomobil jolawshıģa kórinedi, soń shofer menen baylanısıp jolģa birge atlanasız.
Bul júda ápiwayı.

Baģdarlamanı silteme arqalı júklep ornatıp alıń ->Júklew

Biz xalıqımızģa zamanagóy hám qolaylı ónimlerdi jaratıwdı qáleymiz. Bunıń ushın xalıqımızdan qollap quwatlawıńızdı soraymız.

- saiga.uz
1.9K viewsedited  13:13
Aç / Yorum Yap
2021-11-01 06:31:56
Не ушын қатық ишип турыўымыз керек ?

Қатық рак кеселлигинен қутқарыўшы бирден-бир сүт өними ретинде тән алынған.


Саламат аўқатланыў бойынша қәниге Мелисса Рифкиннинг атап өтиўише, қатықта иммунитетти беккемлейтуғын ҳәм ас сиңириў тракты искерлигин жақсылайтуғын көплеген пробиётиклар бар.

Соның менен бирге, пробиётиклар ишектиң исиў кеселликлерин азайтады және оның искерлигин жақсылайды, асқазан жарасы, гастрит ҳәм асқазан ракиниң алдын алыўға жәрдем береди.

@Ne_ushin
917 views03:31
Aç / Yorum Yap
2021-10-31 16:20:03
Не ушын төмендилерди билиўимиз керек?

- Семириўдиң тәбийий усыллары:

Ҳәр күни белок, май ҳәм углеводларға бай болған азық-аўқатларды жеў.
Зыянлы әдетлерден ўаз кешиў.
Уйқылаў тәртибин туўрылаў. Уйқы күнине 8 сааттан кем болмаўы керек.
Стрессти жоқ етиў, илажы барынша күлип жүриўге ҳәм жақсы мүнәсибет, кейпиятты сақлап қалыўға ҳәрекет етиў керек.

Егер арықлық ишки органлар кеселликлери менен байланыслы болса, ол жағдайда шыпакерлер жәрдемисиз нәтийжеге ерисип болмайды. Денсаўлығыңызға зиян жеткизбеў ушын шыпакерге мүрәжәәт етиң.

@Ne_ushin
1.8K views13:20
Aç / Yorum Yap
2021-10-31 08:18:35
Кекселик қашан басланады ?

Кекселик инсанға сездирмеген түрде келеди. Оның басланыўы ушын арнаўлы бир ўақыт-саат жоқ. Шамаларға көре, кекселик менопауза дәўири (климакс) келиўи менен басланады.

Илимий көзқарастан, организм өз репродуктивлик искерлигин атқарып болғаннан соң, ол жағдайда кекселик белгилери пайда болады.

Тез шаршап қалыў,
орталыққа ийкемлесиў қәбилетиниң пәзейиўи
Хәрекетшеңлик өзгешеликиниң төменлеўи,
ериншеклик,
кем ҳәрекет пенен басланады.
Бирақ бул айрықшалықлар ҳәр бир инсанда түрлише кешеди

Каналымыз | @ne_ushin
1.2K viewsedited  05:18
Aç / Yorum Yap
2021-10-30 19:24:04 Bot islemese @ulli_ds lichkama jaziñ. 99% jag'dayda bot bizlerdiñ sebep penen emes, paydalniwshi sebebinen islemey turg'an bolip shig'ip atir
1.8K viewsedited  16:24
Aç / Yorum Yap