Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын

Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын Н
Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын
Kanal adresi: @ne_ushin
Kategoriler: Eğitim , Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 6.41K
Kanaldan açıklama

🔸 "Не ушын" сораўына жуўап бериўши канал !
📌 Канал жөнелиси | Илим
📮 Реклама | @ne_ushin_reklama
📌Каналымыз | @ne_ushin
⚡️Канал группасы | @Ne_ushin_comment

Ratings & Reviews

1.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

2

1 stars

1


En son Mesajlar 131

2021-10-28 16:25:30
Не ушын грип болғанда төмендегилерге әмел етиўимиз керек?

ГРИПП ЕСИК ҚАҒЫП КЕЛГЕНДЕ...


Жатып емлениўге ҳәрекет етиң. Грипптен тәўир болыў ушын жатып емлениўге әмел еткен мақул. Жумыста, оқыўда ямаса басқа да жумыслар менен бәнт болсаңыз грипп қолайсыз тәсирлерге себеп болады.

Шыпакерге көриниң. Маман қәнийге кеселлик дәрежесин анық белгилеп береди, бул таўир болыўды тезлестиреди. Өзиңизше, «биреўлер»диң усынысы менен дәри ишпең. Грипптиң ерте басқышынан баслап қәнийге мәслаҳәти алынса ҳәм оған әмел етилсе, кеселликтен демде тәўир боласыз.

Бөлмени самаллатып турың. Наўқас жатқан бөлмени тез-тез самаллатып турыў керек. Бул ҳаўада вируслар топланыўының алдын алады.

@Ne_ushin
2.1K views13:25
Aç / Yorum Yap
2021-10-28 11:41:08
3.0 версия тайын болды.

Боттан пайдаланыў ушын ботқа
/start деп жазып жибериң бир мәрте, болмаса ислемейди.

@awdarma_bot
2.1K viewsedited  08:41
Aç / Yorum Yap
2021-10-28 09:12:33
Не ушын балық майын ишиў керек ?

Балық майында көп муғдардағы аңсат сиңирилетуғын май кислоталары, атап айтқанда, жүдә қымбатлы Омега-3 май кислоталары (ЕПА ҳәм ДҲА) бар.

Балық майының пайдалы қәсийетлери төмендегише:

депрессия ҳәм қәўетерди азайтады ;
қан басымын төменлетеди;
қурыған териге қарсы гүреседи ҳәм тасбақа кеселлигин емлеўге жәрдем береди;
созылмалы кеселликлер, жүрек кеселликлери, артрит ҳәм ҳәтте рак қәўпин азайтады ;
триглитсерид (инсан денесиндеги майды сақлаў формасы ) муғдарын азайтады;
булшық ет клеткаларында белок синтезине жәрдем береди.

@Ne_ushin
2.1K viewsedited  06:12
Aç / Yorum Yap
2021-10-28 05:12:56
Не ушын ноутбуктиң процессорын алмастырмаў керек ?

— Ноутбук процессорын алмастырыў қурамалы ҳəм жүдə кем ушрайтуғын жумыс болып есапланады. Себеби, ислеп шығарыў ўақтында оның процессоры платаға кепсерленеди . Соған көре, оны алмастырыў ушын қайта кепсерлеў керек болады. Бул жумыс болса сизге талай қымбатқа түсиўи анық!

— Егерде сиз ноутбукиңиз протсессорын алмастырған болсаңыз, процессордың көбирек қызып атырғанын сезген болсаңыз керек. Енди сизге жақсылаў суўытыў системасы да керек болады .

Биз бенен бирге болың!
Каналымыз | @Ne_ushin
2.1K views02:12
Aç / Yorum Yap
2021-10-27 15:50:58
Bizden àjayip jañaliq .

Matematika hàm ingliz tili pànlerinen

Túske shekemgi gruppada 6-7-klasslar ushin (4 orin qalĝan) , 5-klass oqiwshilari ushin (2 orin qalĝan),

Tústen keyin 5-6-7-8-klass oqiwshilari ushin (5 orin qalĝan) kurslarimizģa miràt etemiz . Bul jerde tàjiriybeli oqtiwshilarimiz oqiwshilardiñ pikirlew qàbiliyetin asiriw ushin qosimsha IQ testler hàm logikaliq màselelerdi de ùyretip baradi .

Qosimsha biz abiturientler ushin da matematika pàninen kurslarimizdi basladiq (Orin sheklenbegen) .

Mànzil: QMU akademiyaliq liceyi

Baylanis ushin :
+998973536077
+998913914509

https://t.me/tayarliq_kurs
2.3K viewsedited  12:50
Aç / Yorum Yap
2021-10-27 12:27:23
Үй шараятында табан жарылыўын қалай емлеў мүмкин ?

Ыссы ванна қылыў : суўға суйық сабын ҳəм гел қосың, аяқты 15-20 минут сол ваннаға салып қойың, аяқты қурытып, пахтадан тайярланған шулық кийип алың.

Мийўе сиркелери менен кетириў: алма кислотасы көбирек пайдалылаў.

Терини азықландыратуғын кремлерден пайдаланың.

Банан қабығы ҳəм палдан табанға маска қылып қойың. 30 минуттан кейин жуўып таслаң.

Дарматологлардан медициналық мəслаҳəт алыўды умытпаң.

@Ne_ushin
572 viewsedited  09:27
Aç / Yorum Yap
2021-10-27 05:07:02
Неге коронавирусқа қарсы емленген адам, шомылыўы мүмкин емес екенин билесизбе?

— Коронавирусқа қарсы емлеўден кейин, инйекция орнинда микроскопик жара пайда болады. Сол себепли оған ҳеш қандай инфексия кирмеўи жүдə зəрүрли есапланады. Сиз бенен бизге таза сыяқлы көринетуғын суўдиң қурамында да патоген микроорганизмлар болыўы мүмкин. Олар болса жараға əдеўир зиян жеткизиўи мүмкин.

— Буннан тысқары, адам шомылыў ўақтында емлеў орнын мочалка (жуўыў қуралы ) менен жуўғанда жараға бактериядан да көбирек зиян жеткериўи мүмкин.

Биз бенен бирге болың!
Каналымыз | @Ne_ushin
686 views02:07
Aç / Yorum Yap
2021-10-26 17:21:32 Палыз егинлери ҳəм көк-шөплерден пайдалы шербетлер

ПЕТРУШКА (тамыры ҳəм жапырағы)
Бүйрек үсти ҳəм қалқан тəризли без искерлигин жақсылайды, бүйрек кеселликлерин даўалайды.

КАПУСТА шербети
Иш қатыўдың алдын алады.
Аллергияға қарсы қурал. Апелсин ямаса мандарин жегеннен кейин пайда болатуғын түрли бүртиклерди тез жоқ қылады. Егер балаға азанда аш қарынға бир ас қасық капуста шербетин иштирсеңиз, ҳəр қандай диетаңыз тез арада жоғалып кетиўине гүўа боласыз.

КАРТОШКА шербети
Бас аўрыўы, нерв шығарыўды азайтыўға шыпа болады. Гастрит ҳəм асқазан жарасынада шыпа болады.

Гешир шербети
Көздиң көриўшеңлигин асырады, өсимлик майы менен бирге қабыл қылсаңыз ишектеги қуртларды түсиреди. Тери, дем алыў жолы ҳəм ас сиңириў системасындағы силекей перделерди тазалайды. Бирақ баўыры аўыратын ҳаялларға нормадан артық гешир шербетин ишиў усыныс етилмейди.

ЛӘБЛЕБЫ шербети
Қанды тазалайды, тамырлар дийўалын беккемлейди. Өспелердиң раўажланыўын тоқтатып қала алады. Лəблеби шербети жүдə қышқыл болғаны ушын оны капуста, алма ямаса гешир шарбати менен аралаштырып ишиў усыныс етиледи.

БОЛГАР БУРЫШЫ
Антиоксидантлиқ өзгешеликке ийе, артықша дузлардан тазалайды, остеохондрозды даўалайды.

ҚАБАҚ шербети Иш кетиўдии жақсылайды, уйқыны нормаластырады, стресстен қутқарады, көриў қəбилетин беккемлейди.

@Ne_ushin
1.5K viewsedited  14:21
Aç / Yorum Yap
2021-10-26 07:19:01
Не ушын азанда аўызда ашшы дəм пайда болады ?

Азанда уйқыдан турғанда аўызда ашшы дəмди сезиў, қандайда бир созылмалы кеселликтиң бар екенлигинен дерек береди. От қалтасы, баўыр, өт жолы ҳəм он еки бармақлы ишек кеселликлеринде де аўызда ашшы дəм пайда болады.

Егер аўыздағы ашшы дəм ўақты -ўақты менен жүз берип турса, буған ашшы ҳəм ашқылтым азық-аўқатлар, дəри ямаса ишимликлер себеп болыўы да мүмкин. Егер бул жағдай турақлы түрде тəкирарланып турса, əлбетте шыпакерге көриниў керек болады.

Аўыздағы ашшы дəм менен бирге тил бети ақ затлар менен қапланған болса, бундай инсанларда баўыр менен байланыслы мəселелери болады. Егер тилдеги затлар сарғыш, жасыл реңде болса, ол жағдайда өт қалтаға итибар бериў керек.

@Ne_ushin
2.0K views04:19
Aç / Yorum Yap
2021-10-25 15:38:31
Насвайдың организмге тəсири қандай ?

Насбайды тайярлаўда темеки жапырағы, өсимлик майы, күл, суў сыяқлы затлар ислетиледи. Сол себепли оның қурамында никотин, маргимуш, поташ ҳəм тағы көплеген зəҳəрли затлар болады. Бул елементлер инсан саламатлығы ушын жүдə үлкен қəўип салады.

Ол жүрек-қан тамыр, баўыр, бүйрек ҳəм өкпе сыяқлы əҳмийетли органлар искерлигин бузады.
Насвай қурамындағы өнимлер тислерди жемиреди.
Аўыз, тил, қызылоңеш ҳəм асқазан ракы насвай шегиўшилерде көп раўажланады.
Насвай шегиўшилерде бийпушлық (бала көрмеўшилик) көбирек раўажланады.
Бас мий ҳəм нерв тамырларына тəсир етип, бас мый отрофияси ҳəм оның ақыбетинде есте сақлаў қəбилети төменлеўи, дыққат аўдарыўдың кемейиўи, уйқының бузылыўы, көп ашыўланыў сыяқлы белгилерди келтирип шығарады.

Буннан тысқары насвайға психик ҳəм физикалық тəрептен қарам болыў сигарет өнимлерине салыстырғанда көбирек раўажланады.

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
431 views12:38
Aç / Yorum Yap