Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын

Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын Н
Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын
Kanal adresi: @ne_ushin
Kategoriler: Eğitim , Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 6.41K
Kanaldan açıklama

🔸 "Не ушын" сораўына жуўап бериўши канал !
📌 Канал жөнелиси | Илим
📮 Реклама | @ne_ushin_reklama
📌Каналымыз | @ne_ushin
⚡️Канал группасы | @Ne_ushin_comment

Ratings & Reviews

1.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

2

1 stars

1


En son Mesajlar 138

2021-10-10 16:52:05
Не ушын Шумух əтири дүнядағы ең қымбат əтир есапланады?

— Гиннес рекордлар китабы, дүняның ең қымбат қалаларынан биринде жаңа рекордты белгиледи:

— Дубайда қымбат парфюмерия өндириўши "The Spirit of Dubai" компаниясы дүнядағы ең қымбат Шумух атлы əтирди усыныс етди.

— Бундай хош ийисли парфюмерия бирлигиниң баҳасы 1, 295 миллион долларды қурайды.

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
1.9K views13:52
Aç / Yorum Yap
2021-10-10 12:47:21
Не ушын бүгин 10-октябр апаларымызды қутлықлаўымыз керек ?

Бул жүдə ажайып байрам ҳəр жылы 10-октябрде байрамланады. Кишкене ҳəм үлкен ақлықлар апаларын "профессионал" күни - апалар күни менен қутлықлайды. Сол күни барлық апаларға гүллер ҳəм саўғаларлар бериледи, олар оларды барып көриўи керек. Апаларыңызды байрамда барып қутлықлаўды естен шығармаң !

П.с: Ата-апаның баласы болған қандай ажайып ! Ата-анамыздан да көбирек меҳир береди олар . Ата-апаларымыз алдымызда ҳəмийше саў болсын !

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
2.0K views09:47
Aç / Yorum Yap
2021-10-10 07:27:03
Не ушын интернетте 241543903 деп излесек музлатқышқа басын тыққан адам сүўрети шығады ?

— Мауритсио Сид атлы Бразилиялылардан бири дем алыўға қарар етди, басын музлатқышқа салады ҳəм смартфоны менен сүўретке түседи. Соннан кейин, ол буны Ынтернетге жайластырды.

— 241543903 - бул биринши фотосүўрет алынған Бразилия музлатқышының серия коды. Бразилиялық Маурисио Кид өз музлатқышын сондай атақлы етти!

П.с: Исенбесеңиз тексерип көриң !

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
1.9K views04:27
Aç / Yorum Yap
2021-10-09 17:42:46
Не ушын шексизлик белгиси бундай көринисте ?

— Шексизлик белгиси Әййемги грек тилиндеги "Lemniscate" сөзинен алынған болып "лента" деген мəнисти аңлатады, шексизлик белгисиниң формасын басы ҳəм ақыры болмаған оралған лента ретинде ойда сəўлелендириў мүмкин. Егер сиз шексизлик белгисиниң қəлеген ноқатынан бақлаўды басласаңыз, сиз ҳеш қашан ақырына жетип бармайсыз, бəлким мəңги сиклда даўам етесиз.

— XVII əсирде шексизлик белгиси математикалық мəниске ийе болды. 1655 - жылда оны биринши рет Жан Уоллис пайдаланған, бирақ ол ҳеш қашан бул белгини шексизлик белгиси ретинде қолланбаған. Тийкарынан Рим санларында 1000 ға тең санны аңлатыў ушын ислетген (CIƆформасында болған ).

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
1.9K views14:42
Aç / Yorum Yap
2021-10-09 16:37:05 : — Janim nege sonsha qiz arasinan seni tanlag'animdi bilesenba ?

: — Yaq, aytip beriñ

: — Sebebi , basqa qizlar suliw hàm olardiñ jigit bar.

@qiziq_bari
1.6K views13:37
Aç / Yorum Yap
2021-10-09 09:17:23
Не ушын төмендегилерге əмел етиўмиз керек ?

​​АЛБЕРТ ЕЙНШТЕЙН өмиринен усыныслары.

1. Тəўекел етиўге ерлиги жетпеген адам өмирде ҳеш нəрсеге ерисе алмайды.

2. Сенде қанша ресурс бар екенлигиниң əҳмийети жоқ, егер олардан пайдаланыўды билмесең, ҳəммеси пайдасыз!

3. Егер өзиңизде ҳəрекет болса, сизге ҳеш қандай мотивация керек емес.

4. Мақсетиңиз қандай болыўына қарамастан əлбетте оған ерисесиз. Тек сизден мийнет талап етиледи.

5. Барқулла өз режеңизге ийе болың. Жумысларыңызды (илажы болғанынша ) жоба тийкарында ислеўге ҳəрекет етиң.

6. Жеңимпаз болыўды қəлесеңиз, сизде күш болыўы шəрт емес. Сизде мақсет ҳəм исеним болса, əлбетте өз нəтийжеңизге ерисесиз.

П.с: Абитуриент досларга жиберемиз !

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
2.2K viewsedited  06:17
Aç / Yorum Yap
2021-10-09 04:39:40
Не ушын балалықта ўақыт асте өтеди?

— Балалар үлкенлерге салыстырғанда көбирек ўақыяларды ядында сақлайды. Сол себепли ўақыт оларға жүдə əстен өткен сыяқлы сезиледи.

— Үлкенлер болса, ядларының жүдə кем бөлегин еслеп қалады. Усының себепинен ўақыт тез өтип кеткенин сезбей қалады.

П. с: Сизге де ўақыт тез өтип атырғандай сезиле ме ?

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
1.9K views01:39
Aç / Yorum Yap