Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын

Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын Н
Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын
Kanal adresi: @ne_ushin
Kategoriler: Eğitim , Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 6.41K
Kanaldan açıklama

🔸 "Не ушын" сораўына жуўап бериўши канал !
📌 Канал жөнелиси | Илим
📮 Реклама | @ne_ushin_reklama
📌Каналымыз | @ne_ushin
⚡️Канал группасы | @Ne_ushin_comment

Ratings & Reviews

1.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

2

1 stars

1


En son Mesajlar 2

2023-01-10 19:29:09
Не ушын шыпакерлер балалар 2 жас болыўына шекем көпшиксиз жатыў керек екенин ескертеди ?

Себеби балаларда омыртқа текшеси(бағанасы) тегис формада болып, майысқақ ноқатлар еле раўажланбаған болады. Баланы көпшикке жатқызғанда майысқақ омыртқа өз формасын өзгертиреди. Егер бул жағдай даўам етеберсе омыртқаның надурыс қәлиплесиўи жүзеге келеди.

Жумсақ орын да бала қәўметине сондай унамсыз тәсир көрсетеди. Жумсақ орында жатқан баланың омыртқа текшеси таға тәризлы форма алады.

Каналымыз | @Ne_ushin
665 views16:29
Aç / Yorum Yap
2023-01-09 16:55:31
Не ушын аяқ терлейди ҳәм оннан қалай қутылыў мүмкин?

Аяқ терлеўине:

Аяқ гигиенасына әмел етпеў;
Қатты ямаса қолайсыз аяқ кийим кийиў;
Ыссы күнлерде ҳәдден тыс ыссы ямаса жабық аяқ кийим кийиў;
Гормонал бузылыўлар ;
Денениң созылмалы кеселликлери (қантлы диабет );
Тынымсыз физикалық искерлик;
Насиллик бейимлик ҳәм семизлик себеп болады.

Не қылыў керек?

Аяқларыңызды ҳәр күни жуўың ҳәм сүлги менен жақсылап қурытың.
Аяқларға синтетик шулық киймең.
Мәўсим ушын бир неше жуп аяқ кийим алың.
Аяқ кийимлериңизди күнине кеминде 2-3 рет шешип кийиң .

Каналымыз | @Ne_ushin
2.1K views13:55
Aç / Yorum Yap
2023-01-08 18:30:28
#Paydalı

Адам организми ушын ең пайдалы азық-аўқат ҳәм тәбийий өнимлер !!!

Каналымыз | @ne_ushin
564 views15:30
Aç / Yorum Yap
2023-01-08 07:05:24
Бир жерде отырыў керек еди деп жүргенлер ушын арнаўлы кафе

Группаларға таслап қоямыз !!!

Каналымыз | @ne_ushin
1.4K viewsedited  04:05
Aç / Yorum Yap
2023-01-07 18:46:08
#Mem

Студентлер ушын күн меми

Каналымыз | @ne_ushin
2.4K views15:46
Aç / Yorum Yap
2023-01-07 07:53:22
Не ушын дәрини шай менен ишиў мүмкин емес?

Шай менен дәри ишиў усыныс етилмейди. Шай қурамындағы танин элементи көплеген дәриликлер менен өзара тәсир етиў нәтийжесинде шөгинди пайда етеди.

Қалаберди, бундай араласпалар жүрек-қан тамыр системасына унамсыз тәсир етиўи мүмкин.

Әсиресе, қурамында азот сақлайтуғын дәриликлерди шай менен ишиўге болмайды. Соның ишинде, папаверин, кофеин, кодеин, эуфиллин ҳәм жүрек гликозидлери усындай дәриликлер қатарына киреди.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги

Каналымыз | @Ne_ushin
2.4K views04:53
Aç / Yorum Yap
2023-01-06 06:45:01
#Расмий_хабар

Мектеп оқыўшыларына да қысқы дем алыс 18-январьға шекеп созылды.

Каналымыз | @ne_ushin
139 views03:45
Aç / Yorum Yap
2023-01-05 14:08:05 ҚАРАҚАЛПАҚ

Ханлардыӊ дǝӯиринде саған
Жетипбеди сан қарақалпақ?
Сан деген не, болған жоқ па–
Өз үйиӊ – зиндан, қарақалпақ!

Өткен ҳал бар ма есиӊде
Не көрдиӊ ханлар тусында
Аталдыӊ олар ишинде
«Еси жоқ, аӯан қарақалпақ».

Қол салды намыс-арыӊа
Қулақ салмады зарыӊа
Сол қорлықтан бедениӊе
Жуӯырмады қан қарақалпақ.

Келешекке салмасаӊ сер
Шубалысар буннан бетер
Талабыӊ қыл билим-өнер
Боларсаӊ аман қарақалпақ.

Аманлықта ойланбасаӊ
Белди буӯып сайланбасаӊ
Уйқыӊды ашып оянбасаӊ
Жетилмек гүмǝн қарақалпақ.

Уйқылаған ел көркейе алмас
Жетилген елдей бола алмас
Еркинликтен пайда алалмас
Ел болса надан қарақалпақ.

Наданлық кетпей постыӊнан
Қорлық көрерсеӊ достыӊнан
Өткизбе исти үстиӊнен
Бул сөзге инǝн, қарақалпақ.

(Сейфулғабит Мǝжитов. Шығармалары. Нөкис, «Қарақалпақстан»,1992, 55-56-бб)

Каналымыз @ne_ushin
1.1K views11:08
Aç / Yorum Yap
2023-01-04 19:07:25 Өзин қарақалпақпан деп билген ҳәрбир ер, ҳәрбир ҳаял Аллаяр Досназаров ҳаққында билиўи ҳәм перзентлерине айтып бериўи керек.

Бул берилип атырған 9 бет PDF’те мәрт бабамыз ҳаққында мағлыўмат берилген. Мағлыўмат пенен бөлискен тарийхшыға айрықша рахмет айтамыз!


Каналмыз | @ne_ushin
1.3K views16:07
Aç / Yorum Yap
2023-01-04 08:09:48
Суўды аш қарынға ишиң - бул усыл төмендеги кеселликлерди даўалайды:

Бас аўрыўы, жүрек кеселликлери, артрит, жүрек урыўы, епилепция, семириў, бронхиал астма, менингит, бүйрек кеселликлери, кеўил айныўы, гастрит, диарея, диабет, иш қатыўы, көз кеселликлери, саратан (рак) ҳәм қулақ кеселликлери, тамақ, мурын.

Емлеў усылы :

Оянғаныңыздан кейин азанда ҳәр бири 160 мл ден 4 стакан суў ишиң (тислерди жуўыўдан алдын )

Тислериңизди тазалаң, бирақ 45 минута даўамында ҳешзат жеп-ишпең.

45 минуттан кейин әдетдегидей азанғы шайыңызды ишиўиңиз мүмкин.

Азанғы шай, түслик ямаса кешки аўқаттан кейин 2 саат даўамында ҳеш нәрсе жемең ҳәм ишпең.

Бир ўақтыниң өзинде 4 стакан суў ише алмайтуғын жасы үлкен ямаса кесел адамлар ушын сиз азрақ дозадан баслаўыңыз ҳәм аз-аздан усыныс етилген муғдарға шекем топлаўыңыз мүмкин.

Каналымыз @ne_ushin
3.0K views05:09
Aç / Yorum Yap