Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын

Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын Н
Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын
Kanal adresi: @ne_ushin
Kategoriler: Eğitim , Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 6.41K
Kanaldan açıklama

🔸 "Не ушын" сораўына жуўап бериўши канал !
📌 Канал жөнелиси | Илим
📮 Реклама | @ne_ushin_reklama
📌Каналымыз | @ne_ushin
⚡️Канал группасы | @Ne_ushin_comment

Ratings & Reviews

1.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

2

1 stars

1


En son Mesajlar 134

2021-10-21 06:30:01
Не ушын айырым ўақытларда ханаға не ушын киргенимизди умытып қаламыз ?

Сиз қандай да бир зат ушын басқа ханаға барасыз, бирақ есиктен өтиўиңиз бенен не ушын киргениңизди умытасыз. Бул ҳалат сизге таныс, солайма ?

Бунын себеби төмендегише, бир ханадан екиншисине өтиўде инсан мийи əтираптағы орталық өзгериўи ҳəм жаңа ўақыяның баслаўына ийкемлеседи.

Себеби, ол қысқа мүддетли ядын жаңалайды ҳəм ески ўақыя ҳаққындағы ядларын өширип жибереди, ҳəтте сизге бул мағлыўмат керек болса да.

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
1.6K viewsedited  03:30
Aç / Yorum Yap
2021-10-21 06:26:12
Төмен иммунитет системасын қандай беккемлеў мүмкин?

— Иммунитет системасын беккемлейтуғын дəрилер жоқ болып, тек ғана иммунитет системасын саламат турмыс тəризин күшейтириў арқалы ериссе болады.

— Мәселен: дурыс аўқатланыў, жетерлише уйқылаў, физикалық активлик, стрессти минималластырыў ҳ.т.б

— Басқа жоллар жоқ !

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
1.6K viewsedited  03:26
Aç / Yorum Yap
2021-10-20 17:17:17
Не ушын "Chrome Dino" ойыны ушын динозавр сайланган ?

— Ал, не ушын динозавр темасы ? Chrome дизайнери Себастян Габриелдиң сөзлерине көре, бул Интернет əмелдеги болмаған ўақытқа, яғный "Динозаврлар дəўирине" қайтыў ойыны болып табылады. Сол себепли де ойын персонажы ретинде динозавр сайланған.

— Ойын 2014-жыл сентябр айында шығарылды, лекин дəслеп айырым платформаларда, əсиресе ески Android аппаратларында ислеўге қыйналды. Бул қайта көрип шығыўды талап етти ҳəм сол жылдың декабрине шекем жуўмақланды. Chrome UX инженери Едвард Юнга мағлыўматларына көре, ойын ҳəр ай 270 миллионнан көбирек адам ойнайды.

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
968 viewsedited  14:17
Aç / Yorum Yap
2021-10-20 10:18:01
Не ушин стоматит пайда болады?

Стоматит - аўыз бослығы силекей қабатының исиў кеселлиги болып, вирус, бактерия ҳəм замарық себепли жүзеге келеди. Аўыз бослығына инфекция түсиўи, ЛОР ағзалары онкологик кеселликлери, ас сиңириў системасы кеселликлери (12 бармақлы ишек ҳəм ас қазан жарасы, гастрит, колит), организмде витамин В, фосфор ҳəм рухланыў елементлериниң жетиспеўшилиги де стоматитлардың келип шығыўына себеп болады.

Кеселликти емлеў тийкарғы кеселликти емлеў ҳəм жергиликли тəсир көрсетиўши дəри өнимлери жəрдеминде əмелге асырилады.

Кеселликти алдын алыў ушын аўыз бослиги гигиенасына əмел қылыў, тислерди ўақытында емлеў ҳəм иммунитетти беккемлеў керек.

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
1.6K viewsedited  07:18
Aç / Yorum Yap
2021-10-20 05:06:46
Не ушын аллергияға қарсы қатық ишиуимиз керек ?

Таиландлық алымлардың айтыўларынша, аллергиялық тәсирлениўге биз қабыл қылыўшы өнимлер қатыққа кери пропорционал. Бул дегени, қанша көп қатық ишсек, сонша кем аллергияға ушраймыз.

Демек, күнине, ҳеш болмағанда, бир стакан қатық ишиў аллергиялық кеселликлердиң алдын алыўда ең жақсы профилактика есапланады.

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
1.9K views02:06
Aç / Yorum Yap
2021-10-19 16:30:19
Витаминлер ҳəм оларды қайдан табыў мүмкин ?

А - гешир , цитрус мийўелери , сарымай , сир , мəйек .
Д - сүт , мəйек , Қоян баўыры, майлы балық .
Е - мəкке, айғабағар , зайтун майы, ноқат.
К - жасыл жапырақлы палыз егинлери , брюссел нəллери, капуста ҳəм гулкапуста, дəнли дəн .
Б1 - мәкке, ғоза (финдиқ).
Б2 - бийдай кепеги, сoя, брокколи, баўыр, мəйек сарыўызы, сир.
ПП - жасыл палыз егинлери, ғозалар, дəн, ашытқы, гөш (сондай-ақ таўық гөши), баўыр, балық , сүт , сир .
Б5 - ашытқы, баклагиллер, заммаррықлар, гүриш, баўыр.
Б6 - жасыл жапырақлы палыз егинлери , гөш , баўыр, балық , сүт , мəйек .
Б9 - ғозалар, жасыл жапырақлы палыз егинлери , лобыя, банан , апелсин , мəйек .
Б12 - қамыр ашытқыш, теңиз оты, баўыр, икра, мəйек , сир , сүт , творог, гөш, балық.
Ҳ - мəйек сарыуўызы, баўыр.
Бета каротин - гешир , исмалоқ, бəҳəрги көк шөп, қаўын, помидор , капуста , брокколи, ерик.

@Ne_ushin
1.4K viewsedited  13:30
Aç / Yorum Yap
2021-10-19 10:22:15
Бүгин 19-октяьбр келешекке хат жазыў күни.

Келешек ҳаққында пикирлеў жүдə әҳмийетли. Буны ҳəттеки илимпазларда тастыйықлайды. Солай етип, сиз бүгин бир сумка толы пул , дүня бойлап саяхат, шаңарағыңыз , балаларыңыз , өз бизнесиңизди жүритип атырғаныңызды көз алдыңызға келтирип, оны қағазға түсириўиңиз керек. Хатқа түсирген режелерди əмелге асырыў мүмкиншлиги əйне бүгин "Келешекке хат" күнин өткергениңизде жəнеде артады.

П.с: Психологлардың 5 жылдан соң, 10 жылдан кейин қандай етип өзиңди көз алдыңа келтиресең - дейтуғынын енди түсиндим .

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
1.5K viewsedited  07:22
Aç / Yorum Yap
2021-10-19 07:07:30
A new function in the @awdarma_bot

Version 2.0
1.6K viewsedited  04:07
Aç / Yorum Yap
2021-10-19 05:31:31
Не ушын PowerPoint Microsoft компаниясының ең жақсы өнимлеринен бири есапланады ?

— Көпшилик бул программадан бир рет болса да пайдаланып көрген . PowerPoint тан дүняның түрли мүйешлериндеги ҳəр түрлы кəсип ийелери презентациялар таярлаў ушын пайдаланады.

— Қызық тəрепи сонда, бул программа Microsoft компаниясының ең пайдалы өнимлери қатарында жоқары орынларда турады. Буған себеп болса ол арқалы текғана əпиўайы презентациялар, бəлким, қызықлы анимацион видеорөликлер де таярлаўға болады.

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
101 views02:31
Aç / Yorum Yap
2021-10-18 19:21:19 @awdarma_bot 2.0 version

Jañaliqlar:

Endi botqa ingliz tilinde audio jiberiw arqali qaraqalpaqsha awdarmasin alsa boladi.

Jànede ingliz tilindegi fotodag'i tekestlerdi alsa hàm qaraqalpaq tiline awdarma qiliwda múmkin.

@awdarma_bot go sinap kóremiz !!!
1.4K viewsedited  16:21
Aç / Yorum Yap