Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын

Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын Н
Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын
Kanal adresi: @ne_ushin
Kategoriler: Eğitim , Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 6.41K
Kanaldan açıklama

🔸 "Не ушын" сораўына жуўап бериўши канал !
📌 Канал жөнелиси | Илим
📮 Реклама | @ne_ushin_reklama
📌Каналымыз | @ne_ushin
⚡️Канал группасы | @Ne_ushin_comment

Ratings & Reviews

1.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

2

1 stars

1


En son Mesajlar 133

2021-10-23 18:05:07
Не ушын смартфонлар қызады?

Смартфон ислеў процессинде жеңил қызыўы қəўетерли емес. Бирақ бул қызыў жоқары дəрежеде болса онда бир телефонды тексерип көриў керек.

Протсессор, батарея ямаса дисплейдеги машқалалар — телефон қызып кетиўиниң баслы себепшилери. Жоқары температура деталлардың бузылғанлығын билдирмейди. Бирақ соған алып келиўи мүмкин.

Узақ ўақыт ойын ойналғанда, узақ ўақыт видео көргенде ямаса айырым функциялардың дурыс ислемеўи нəтийжесинде телефон қызады. Соның менен бирге, ҳаўа райы, температура сыяқлы сыртқы факторларда аппараттың қызыўына себеп болыўы мүмкин.

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
734 views15:05
Aç / Yorum Yap
2021-10-23 07:28:32
Не ушын бүгин өзгерыўымыз керек.

— Себеби бүгин халық аралық өзгериў күни. Яғный сиз мысалы көп ўақыттан бери ерте тураман, өзгеремен деп жүрипсиз, бирақ қылмай жүр едиңиз, сол исти бүгин қылыўыңыз керек.

П.с өзгериў ушын дүйшембини ямаса қандай да айдың биринши сәнеси келиўин күтип, себеп излеп жүргенлерге жақсы себеп болды. Пайдаланып қалың

@ne_ushin
1.8K views04:28
Aç / Yorum Yap
2021-10-23 07:13:38
Не ушын ата-аналарымыз суўық ҳаўада бас кийим кий, болмаса минингит болып қаласаң деп айтады.

Бул ата-аналар қулақсыз балаларын қорқытыў ушын ислететуғын ең танықлы гәп. Оның жүзеге келиўине менингит ҳəм суўық ҳаўа ортасында өз-ара байланыслылық бар екенлиги себеп болған. Тийкарынан, кеселликтиң келип шығыўына тек ғана бас кийим киймеў себеп болмайды.

Менингит - бул бас ҳəм арқа мый силекей қабатының кеселленыўы болып табылады. Оған төмендегилер себеп болыўы мүмкин.

Вируслар. Менингит грипп, герпес, қызылшаның тəсири ретинде жүзеге келеди.
Бактериялар. Кеселликти менингококкклар деп аталатуғын «арнаўлы» бактериялар келтирип шығарады. Буннан тысқары, туберкулёз, пневмококк сыяқлы басқа бактериал инфектсиялар да менингит раўажланыўына алып келеди.
Мениңитнинг көп бөлеги ҳаўа тамшылары арқалы өтеди, бырақ айрым бактериялар денеге патасланған суў ямаса азық-түлик арқалы кириўи мүмкин.

@Ne_ushin
1.5K viewsedited  04:13
Aç / Yorum Yap
2021-10-22 17:52:25
Kún suwitqanlig'ina sebep

@qiziq_bari
1.2K views14:52
Aç / Yorum Yap
2021-10-22 15:57:36
Не ушын ғоза денсаўлық ушын пайдалы?

— Калифорнияли илимпазлар сондай жуўмаққа келди, егер инсан ҳəптесине 5 дана ғоза жесе, ол инсан өмирин шама менен 7 жылға узайтырады. Бул адамның жүрек -қан тамыр системасын холестеринниң зыянлы тəсиринен қорғайтуғын ғозаның қурамындағы арнаўлы елементлар менен байланыслы.

@Ne_ushin
1.8K viewsedited  12:57
Aç / Yorum Yap
2021-10-22 06:55:45
Не ушын бүгин еркеклердиң нерв системасын асраўымыз керек ?

— Себеби бүгин ҳалық аралық еркек нерв системасин ҳаяллар ҳүжиминен қорғаў күни болып есапланады.

— Қандай дәрежеде биртүрли естилмесин бундай күн расында да бар болып, ҳәр жылы 22-октябрьде байрамланады.

@Ne_ushin
3.8K viewsedited  03:55
Aç / Yorum Yap
2021-10-22 05:57:39
Не ушын шырайлы көриниў ушын аўқатланыў рационына итибар бериўимиз керек ?

- Териниң гоззаллығы аўқатланыў рациони менен байланыслы. Илимий изертлеўлер нəтийжесинде сол зат пəнге анық болды, инсан қаншелли дурыс аўқатланса, текғана денсаўлығын жақсылап қоймастан, бəлким териси де күн сайын шырай ашады.

Организм биринши нəўбетте белок ҳəм витаминлерге бай болыўы зəрүр. Ҳəттеки микроелементлердиң де териниң шырайлы болыўында өз орны бар. Йод, селен, магний, синк, мыс, калций, калий да нормасында болыўы шəрт.

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
2.1K views02:57
Aç / Yorum Yap
2021-10-21 17:34:36
Не ушын творог жеў пайдалы ?

- Творогта жүдə көп протеин бар. Бул гөш өнимлерин жей алмайтуғын ямаса гөшти жемейтуғынлар ушын арналған өним: қурамындағы белок муғдары бойынша творог шошқа, қозы, таўық ҳəм балыққа теңлестириледи. Соның менен бирге, творог қурамындағы белок денеге аңсат сиңеди.

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
2.2K views14:34
Aç / Yorum Yap
2021-10-21 12:47:36
Не ушын жол-жөнекей аўқат жеў зыянлы ?

Инсан отырған жағдайында асқазан көлеми азмаз киширейеди. Турған жағдайда болса буның керисинше жағдай гүзетиледи. Ишки органлар еркин жағдайда болады ҳəм нəтийжеде көбирек аўқат жеўди талап етеди. Бундай жағдайда аўқатланыў болса, семириўшиликке себеп болады.

Инсан жол үстинде аўқатланганда жақсы шайнамай, тез-тез жутқанлығы себепли мий искерлиги тойынған екенлиги ҳаққындағы сигналды қабыл ете алмайды ҳəм нəтийжеде мий жəнеде азықланыўды талап ете береди.

Аўқатты тез-тез, жақсы шайнамай жутыў асқазан-ишек кеселликлери, атап айтқанда гастритке де себеп болады. Аўқатты кеминде 15-20 рет шайнаў усыныс етиледи.

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
985 viewsedited  09:47
Aç / Yorum Yap
2021-10-21 09:46:10
Телеграм мессенджеринде шет тиллеринен қарақалпақ тилине аўдармалайтуғын бот иске қосилғанынан хабарыңыз барма ?

@awdarma_bot бот арқали сиз , инглиз , рус ҳàм өзбек тилиндеги сөзлер ҳәм текстлерди қарақалпақ тилине аўдармалаўыңызға болады . Жәнеде инглиз тилинде аудио ҳәм фотоларды жиберип аўдармалаўыңыз мүмкин.

Боттан пайдаланыўда сөзлер ҳàм текстлердиң дурыс жазылғанына итибәр бериң .

Бот мәзили | @awdarma_bot
1.4K views06:46
Aç / Yorum Yap