Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын

Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын Н
Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын
Kanal adresi: @ne_ushin
Kategoriler: Eğitim , Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 6.41K
Kanaldan açıklama

🔸 "Не ушын" сораўына жуўап бериўши канал !
📌 Канал жөнелиси | Илим
📮 Реклама | @ne_ushin_reklama
📌Каналымыз | @ne_ushin
⚡️Канал группасы | @Ne_ushin_comment

Ratings & Reviews

1.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

2

1 stars

1


En son Mesajlar 9

2022-12-04 10:18:53
Не ушын адамдағы ғыдық бар екенлиги пайдалы ?

Алымлардың айтыўынша, ғыдықлаўға болған тәбийий физиологийалық тәсир ата-бабаларымыздан бизге мийрас болып қалған. Бул қәсийет оларға шыбын-ширкейлерден қорғаныў ушын хизмет қылған. Бирақ жүдә көп ғыдықлаў өлимге алып келиўи мүмкин.

Сол менен бирге бул қәсийет пайдалы есапланады. Мысалы бул қәсийет шыбын-ширкейлердиң пәнжелери териге тийгендe жүдә тез реакция келтирип шығарады хәм олар бизди шағыўға үлгермейди.

Каналымыз | @ne_ushin
3.3K views07:18
Aç / Yorum Yap
2022-12-04 05:40:09
Не ушын инглиз тили дүня тилине айланды ?

— Инглиз теңиз флоты дүнядағы ең күшлилеринен бири болған. Барлық теңиз жоллары инглизлар қадағалаўы астында еди. Жердиң үлкен бөлеги - Арқа Американың ярымы, Африка ҳәм Азияның көплеген мәмлекетлери, Австралия, Индия - Британия ҳүкимранлығы астында болған.

— Инглиз тили дүняның барлық мүйешлерине кирип барды. Сол дәўирде Англия ушын ең зәрүрли ўазыйпа саўда байланысларын орнатыў еди. Солай етип, инглиз тили әдебият, философия ҳәм поезия бойынша мағлыўматқа ийе болғанлар тәрепинен сөйлеўетуғын тилге айланды.

Каналымыз | @ne_ushin
504 views02:40
Aç / Yorum Yap
2022-12-03 13:10:19
Не ушын Piala Inc компаниясы шекпейтуғын хызметшилер ушын қосымша дем алыс береди ?

— Токиода жайласқан Piala Inc маркетинг компаниясы шекпейтуғын хызметшилерине 6 күн қосымша дем алыс береди.

— Бул компания шегиўшилердиң сигарет шегиў тәнепислерин толтырыў ушын шекпейтуғын хызметшилерине қосымша алты күнлик дем алыс береди.

— Бир хызметшиниң шағымынан кейин компания бул сиясатти қөллаўды баслады.

П/С: Бизлерде де сондай болғанда я . Шегетин танысларға жиберейик .

Каналымыз | @ne_ushin
202 views10:10
Aç / Yorum Yap
2022-12-03 05:20:45
Баладағы кем қанлықты қандай анықлаў мүмкин?

Баладағы кем қанлық белгилери төмендегише болады :

териниң қурғақласыўы
еринлери ҳәм табанының жарылыўы
шаштың тез сыныўы ҳәм төгилиўи
тислердиң морт болып жемирилиўи
тырнақлардың жуқаланыўы, сыныўы, тырнақ формасының өзгериўи
ийис сезиўде (қурғақ жерге суў сепилгенде шығатуғын ийис, соның менен бирге, керосин, бензин, темеки, машина моторынан шығатуғын ийислерди унатыў )
дәм билиўде (кесек, шай шәмбеси, шийки гөш, макарон, гүриш жеўге бейимлик) сыяқлы өзгерислер гүзетиледи.

Каналымыз | @ne_ushin
1.2K views02:20
Aç / Yorum Yap
2022-12-02 18:26:34
Қандай етип зыянсыз семириў мүмкин ?

Арықлық бул - денемиз булшық етлериндеги белок массасының азайыўы есабына келип шығатуғын жағдай болып табылады.

Арықлыққа не себеп болыўы мүмкин:
Ас сиңириў системасындағы өзгерислер;
Гелминтлердиң актив искерлиги;
Организмдеги басқа органлар искерлигиниң өзгериўи;

Салмақ топлаў ушын усыныслар :
Аўқатланыў режимине қатаң әмел қылыў ;
Нормадағы уйқы ;
Белок ҳәм углеводга бай болған азық-аўқат өнимлерин пайдаланыў.

Нан ҳәм нан өнимлериниң жоқары сортлысы, гөштиң майлы түрлерин жеў усыныс етилмейди.

П.С Сораўлар бойынша

Каналымыз | @ne_ushin
313 views15:26
Aç / Yorum Yap
2022-12-02 14:38:10
Не ушын қала хәм ауыл адамлары саламатлығында парық болады ?

Қала қаншелли улкен болса, ондағы физикалық жағдай соншелли жаманласады. Англия хәм Америкада өткерилген тәжрийбелерге қарағанда ири қалалар халқы ултрафиолет нурларын 30 % ке шекем кем алады. Соның менен бирге қалалар устинде булытлы кунлер ауыл хәм адырларға қарағанда 10 % ке артық екен.

Көпшилик кеселликлер, атап айтқанда, жуқпалы кеселликлердиң тарқалыу дәрежеси қалада ауылларға қарағанда жоқары. Мысалы, халқы 1 миллионнан жоқары болған қалаларда өкпе рагы менен кеселлениу дәрежеси ауылға салыстырғанда 2 есе, бронхит 3 есе, нерв системасы кеселликлери болса 2-3 есе көбирек ушырайды.

Сиз қайсы қала яки районнансыз ?

Каналымыз | @ne_ushin
1.2K views11:38
Aç / Yorum Yap
2022-12-02 06:07:07
Не ушын тамыр тартысады?

Тамыр тартыўы (булшық етлер тырысыўы ) - бул бир ямаса бир неше булшық етлердиң күтилмегенде ҳәм көбинесе ериксиз қысқарыўы. Әдетде тамыр тартыўы аяқларда гүзетиледи:

Булшық етлердиң артықша зорығыўы. Көбинесе тартысыў спорт залында ҳәдден тыс күшли шынығыўларды орынлаў нәтийжесинде гүзетиледи.

Қан айланыўының бузылыў. Бул компютер алдында көп ўақыт сарплайтуғынларда гүзетиледи.

Қолайсыз аяқ кийим. Артықша бәлент өкшели, арқа бөлеги жоқ аяқ кийимлер буған мысал бола алады.

Қолайсыз уйқы жағдайы. Тартысып қалған қол, аяқ, мойын булардың ҳәммеси қан айланыўының бузылыў белгиси болып табылады ҳәм түнде тамыр тартыўына себеп болыўы мүмкин.

Минерал жетиспеўшилиги.
Калий, калтций ямаса магний жетиспеўшилиги булшық етлердиң өз қәлпине келиўине тосқынлық жасаўы мүмкин.

Ашыўшақлық зорығыў ямаса неврологик кеселликлер. Бундай шараятта көбинесе булшық етлер босасыўы қыйынласады.

Каналымыз | @ne_ushin
4.1K views03:07
Aç / Yorum Yap
2022-12-01 19:10:34
Не ушын шашларда қайызғақ пайда болады ?

— Қайызғақ пайда болыўының тийкарғы себеби - бул Малассезия деп аталған микроскопиялық заммаррық искерлиги болып табылады. Бул микроорганизм турақлы түрде инсан денеси ҳəм бас терисинде жасайды.

— Егер май бези функсиясы бузылған болса, паразит заммаррықты көбейтиў ушын қолай шараят жаратылады. Соның менен бирге, қайызғақ пайда болыўына стресс, шаш бояўлары, витаминлер жетиспеўшилиги де себеп болыўы мүмкин.

Каналымыз | @ne_ushin
3.7K views16:10
Aç / Yorum Yap
2022-12-01 12:20:44
Не ушын дузланған капуста
денсаўлық ушын пайдалы

Дузланған капуста сүт кислотасы бактерияларын ислеп шығарады. Олар текғана иммунитет системасын беккемлеп қоймастан, бәлким гриппти келтирип шығаратуғын вируслар менен де гүресиўи тастыйықланған.

Екиншиден, дузланған капуста рак кеселлигинен қорғайды! Пайдаланғанда организмде изотиосиянатлар пайда болады. Булар рак клеткаларының өсиўине тосқынлық ететуғын ҳәм рак қәўипин азайтатуғын елементлер болып табылады.

Үшиншиден, дузланған капуста ишек искерлигин жақсылайды, себеби сүт кислотасы бактериялары оның микрофлорасини нормалластырады.

Организмдеги алкоголлы токсинлер себепли суў-дуз балансы бузылады ҳәм дузланған капуста оны қайта тиклеўге жәрдем береди.

Каналымыз | @ne_ushin
5.2K views09:20
Aç / Yorum Yap
2022-12-01 12:10:51
ISHONCHdan 2023 ta Yangi yil sovg‘asi!

Barcha savdo do‘konlarimizda "Yangi yil tuhfasi" aksiyasiga start berildi! O‘zingizga yaqin savdo do‘konimizdan 3,5 mln so‘m va undan yuqori xaridlarni amalga oshiring va sovg‘alardan birini yutib olish imkonini qo‘lga kiriting!

Aksiya 2022-yil 1-dekabrdan 2023-yil 15-yanvargacha davom etadi. Shoshiling, o‘z sovg‘angiz sizni kutmoqda!

Aksiya haqida batafsil
Aksiya ommaviy ofertasi
+998735152222
@ishonch
5.1K views09:10
Aç / Yorum Yap