Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын

Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын Н
Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын
Kanal adresi: @ne_ushin
Kategoriler: Eğitim , Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 6.41K
Kanaldan açıklama

🔸 "Не ушын" сораўына жуўап бериўши канал !
📌 Канал жөнелиси | Илим
📮 Реклама | @ne_ushin_reklama
📌Каналымыз | @ne_ushin
⚡️Канал группасы | @Ne_ushin_comment

Ratings & Reviews

1.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

2

1 stars

1


En son Mesajlar 7

2022-12-12 17:05:49
Не ушын ғарғалар дүнядағы ең ақыллы қуслар деп аталады?

Nationalgeographic.com сайтының берген мағлыўматларына қарағанда дүнядағы ең ақыллы қус бул ғарға. Көп излениўлер соны көрсетеди, ғарғалар ўақыя ҳəм ҳəдийселерди түсинеўи, ақылый жақтан пикирлей алыўы, беске шекем есаплаўы ҳəм инсан жүзлерин еслеп қалыўы мүмкин екен .

Жəнеде олар өзи жасап атырған орындағы ҳəр бир обйектлерди, инсанлардың жүзлерин, қайсы ўақытта үйде болыўын, қайсы ўақытта келетуғынын, машиналардың реңин еслей алыў қəбийлетине ийе . Ҳəттеки, ғарғалар шаңарағында өз ара суд процесси бар болып, қарар шығарыўшы, жəбирлениўши ҳəм де айыпкер болады екен.

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @ne_ushin
1.5K views14:05
Aç / Yorum Yap
2022-12-12 09:59:59
Қақ ериктиң саламатлық ҳәм гоззаллық ушын 7 пайдасы...

1)Күш ҳәм енергия береди
2)Көриў өткирлигин жақсылайды
3)Кемқанлықта жәрдем береди
4)Жүрек кеселликлеринен асырайды
5)Сүйеклерди беккемлейди
6)Дем алыў жолларын тазалайды
7)Терини жақсылайды.

Асқазан-ишек кеселликлеринде де көбирек пайдаланыў усыныс етиледи.

Каналымыз | @ne_ushin
2.0K views06:59
Aç / Yorum Yap
2022-12-11 17:45:50
Не ушын бильярд столларының көпшилигиниң материалы жасыл реңде болады?

Бильярд гольф ҳәм крикет ойынлары менен байланыслы. Соның ушын үрп-әдетлерге ҳүрмет есабында бильярд столларының көпшилигиниң материалы гольф ҳәм крикет майданындағы отлардың реңи менен бирдей  жасыл реңде болады екен.

Каналымыз | @ne_ushin
228 views14:45
Aç / Yorum Yap
2022-12-11 11:35:27
Не ушин ыссы бөлмеде уйқиламаў керек ?

Уйқылаў ушын ең қолай ҳаўа температурасы 23 °C тан аспаўы керек. Төменги шегара болса 16 °C тан төмен болмаўы тийис. Бул денениң ыссылық бөлистириў системасы (терморегуляция) менен байланыслы.

Дем алыў ўақтында дене температурасы төменлейди ҳәм ыссылық қайта бөлистириледи. Егер ҳаўа жүдә ыссы болса, ондағы ҳаўа қурғақ болады ҳәм мурын силекей қабатын мазалап баслайды.

Жүдә ыссы бөлмеде уйқылаўды жақсы көретуғын адамларда созылмалы шаршаў, ашыўшақлық ҳәм стресс көп бақланады.

Каналымыз | @ne_ushin
333 views08:35
Aç / Yorum Yap
2022-12-10 22:01:49
Cristiano Ronaldo

Каналымыз @ne_ushin
647 views19:01
Aç / Yorum Yap
2022-12-10 16:04:50
Қыс мәўсиминде иммунитетти беккемлеў ушын нелерге итибар бериў керек ?

Кеселликке қарсы гүресиў ямаса оның алдын алыўда ең жақсы усыл бул - иммунитетти беккемлеў болып, бунда 3 қағыйдаға әмел қылыў керек: саламат аўқатланыў, нормал уйқы ҳәм дене тәрбиясы

Қыс ушын мәўсимлик болған бийе, қурма ҳәм түрпи өнимлерин пайдаланыў организмди витаминлар менен тәмийинлеўге жәрдем береди;
C витаминли цитрус мийўелерде иммунитетти беккемлеўге жәрдем береди;
Балалар күнине 4 мезгил аўқатланыўы керек. Бунда күнди жыллы суў ишиўден баслаў ҳәм күн даўамында көп суйықлық ишиў керек;
Азанғы шайға сүт ҳәм сүт өнимлери, сүтли кашалар жеў организм ушын жүдә пайдалы.

Буннан тысқары нормал уйқыға әмел қылыў, күнине 7-8 саат уйқылаў ҳәм спорт менен шуғылланыў керек. Таза ҳаўада пияда сейил етиўде организмде қан айланыўын жақсыланыўына жәрдем береди.

Каналымыз | @ne_ushin
2.3K views13:04
Aç / Yorum Yap
2022-12-10 07:03:49
#Smile_time

Ҳәммеңизге күниңиз кеўилли ҳәм көтериңки кейпиятта өтиўин тилеймиз

Каналымыз | @ne_ushin
1.9K views04:03
Aç / Yorum Yap
2022-12-09 12:23:38
Не ушын жалпақ табанлық себебинен армияға қабыл қылмайтуғынын билесизбе?

Жалпақ табанлы адам узақ аралықты пияда жүре алмайды . Жалпақ табанлық себебинен скелет-булшық ет системасы искерлиги дурыс бөлистирилмейди. Бул болса, тез шаршаў , аяқ аўырыўын келтирип шығарады ҳәм үзликсиз түрде узақ аралыққа жүриў нәтийжесинде сүйеклер ҳәм буўынлардың деформацияланыўы жүзеге келеди. Ҳәттеки артрит (буўынлардың зыянланыўы ) сыяқлы қәўипли кеселликлерди де келтирип шығарады.

Каналымыз | @ne_ushin
663 views09:23
Aç / Yorum Yap
2022-12-09 12:08:22
ISHONCHdan 2023 ta Yangi yil sovg‘asi!

Barcha savdo do‘konlarimizda "Yangi yil tuhfasi" aksiyasiga start berildi! O‘zingizga yaqin savdo do‘konimizdan 3,5 mln so‘m va undan yuqori xaridlarni amalga oshiring va sovg‘alardan birini yutib olish imkonini qo‘lga kiriting!

Aksiya 2022-yil 1-dekabrdan 2023-yil 15-yanvargacha davom etadi. Shoshiling, o‘z sovg‘angiz sizni kutmoqda!

Aksiya haqida batafsil
Aksiya ommaviy ofertasi
+998735152222
@ishonch
166 views09:08
Aç / Yorum Yap
2022-12-09 05:27:19
Не ушын режелериңиз ҳаққында басқаларға айтпағаныңыз мақул ?

—Нью-Йорк университетиниң психология бойынша профессоры Питер Голлвитсер өзиниң "Symbols Self-Filling" китабында режелер менен бөлиспеў ҳаққындағы пикирге тоқталады. Ол 63 адам қатнасыўында изертлеўлерди өткереди.

—Анықланыўына қарағанда режелеримиз ҳаққында айтыў бизлерге "ертерек ерисиў сезимин" береди ҳәм мий ойлардың бул ойынынан қанаатланады ҳәм сиз усы мәқсетке ерисиў ушын қызығыўшылықты жойтасыз

Каналымыз | @ne_ushin
1.9K views02:27
Aç / Yorum Yap