Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын

Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын Н
Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын
Kanal adresi: @ne_ushin
Kategoriler: Eğitim , Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 6.41K
Kanaldan açıklama

🔸 "Не ушын" сораўына жуўап бериўши канал !
📌 Канал жөнелиси | Илим
📮 Реклама | @ne_ushin_reklama
📌Каналымыз | @ne_ushin
⚡️Канал группасы | @Ne_ushin_comment

Ratings & Reviews

1.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

2

1 stars

1


En son Mesajlar 8

2022-12-08 13:48:22
Не ушын келин койлеклери ақ реңде болады?

Бул  1840-жылы Англияда малика Виктория ҳәм шахзада Алберт екеўиниң тойында басланған. Виктория ақ реңди таңлаған ҳәм сол әдет бүгинги күнге шекем сақланып қалған.

Каналымыз | @ne_ushin
306 views10:48
Aç / Yorum Yap
2022-12-08 10:07:02
Не ушын лимон инсан ушын ең пайдалы мийўе есапланады ?

Флорида Университетинде алып барылған көп жыллық изертлеўлер нәтийжесинде лимон инсан организми ушын ең пайдалы мийўе деп табылды. Буған тийкарғы себеп: лимон қурамында ас сиңириўши, қан айланыў ҳәм дем алыў системалары искерлигин жақсылаўшы С, Б6 ҳәм Д витаминлери бар.

Буннан тысқары ҳәр дайым лимоннан пайдаланыў рак, бүйректе тас пайда болыў сыяқлы кеселликлердиң алдын алыўы анықланған.

Каналымыз | @ne_ushin
524 views07:07
Aç / Yorum Yap
2022-12-07 15:07:19
Не ушын қан басымы жоқары адамлар йогурт жеў керек?

Сүт өнимлери, әсиресе йогурт қан басымын түсиреди. Себеби, сүт өнимлери қурамында қан басымын тәртипке салатуғын бирқатар микроелементлер, тийкарынан калций, магний ҳәм калий бар.

Буннан басқа да, йогурт белокларды ислеп шығарыўға үлес қосатуғын бактерияларды өз ишине алады. Булар, өз гезегинде қан басымына тәсир етеди.

Каналымыз | @ne_ushin
331 views12:07
Aç / Yorum Yap
2022-12-07 06:48:15
Не ушын бүгин көплеў уйқыласақ, байрамлаған есапланамыз ?

— Себеби бүгин 7-декабрь халық аралық уйқышылар күни.

— Адам орташа 8 саат уйқылаўы норма есапланады. Уйқы ушын усыныс етилетуғын ўақыт болса, кешки 22:00 ден азанғы 06:00 ге шекем.

П.с: Бүгин оқыўға бармай уйқылап едим, өзим билмеген ҳалда байрамлап қойыппан

Каналымыз | @ne_ushin
2.2K views03:48
Aç / Yorum Yap
2022-12-07 05:52:06
ISHONCH da Omadli kun

7-dekabr kuni omadingizni sinab ko‘rish uchun ajoyib fursat! ISHONCH do‘konlar tarmog‘ining barcha filiallarida OMADLI KUN aksiyasi bo‘lib o‘tadi.

Aksiyada ishtirok etish shartlari quyidagicha:
1. Yangi shartnoma tuzing yoki oylik to‘lovni to‘lang;
2. Lototronni aylantiring va raqamni oling;
3. Raqam bo‘yicha sovg‘angizni toping.

Yaqinlaringiz va do‘stlaringizga ham bu xushxabarni ulashing!

Batafsil ma'lumot uchun:
+998735152222
@ishonch
2.2K views02:52
Aç / Yorum Yap
2022-12-06 11:21:39
Ангинаны үй шараятында даўалаў усыллары:

Қызыл ләблебиниң суўы сығып алынады. Бир қултым ләблеби суўы менен тамақ шайылады. Бул усыл бир күнде бир неше мәрте тәкирарланады ҳәм 3-4 шай қасықтан ишиледи. Емлеў даўам етиў ўақты - 12 күн.

Ангина менен лимон жәрдеминде де гүрессе де болады. Оның ушын бөлеклеп кесилген лимон керек болады. Бир ўақытта бөлеклеп кесилген лимонды қабығы менен шайнап желинеди. Бир күнде бир лимонды сол тәризде жеў жеткиликли болады. 2-3 лимон дана жей алсаңыз ангинадан тез азат боласыз.

1 асқасық пал 3 асқасық жыллы суўға еритиледи ҳәм әсте-әсте жутылады. Бул усыл менен 2-3 күнде ангина азабынан қутыласыз.

Каналымыз | @ne_ushin
363 views08:21
Aç / Yorum Yap
2022-12-06 05:37:08
Не ушын 1,2,3 санлары телефон клавиатурасында жоқарыда, ал калкуляторда төменде жайласқан ?

Телефон хәм калкулятор турли-турли қурылмалардан келип шыққан. Сол себепли олардың клавиатуралары хәрқыйлы. 1960-жыллардың басларында телефон номерин териуде санлар жоқарыдан төменге қарай ийтерилип жиберген.

Таза телефон қурылмасы жаратылғанда тутыныушы психологиялық қолайсызлық пайда болмауы ушын усы санларды жоқарыдан төменге қарап жайластырылган хәм клавиатураның таза версиясы пайда болады.

Бирақ, електрон калкуляторлар болса механик есаплау машиналары хәм касса аппаратларынан келип шыққан. Калкулятордардың жаңа дизайны жаратылыу процесинде бирқанша дизайнлар көрип шығылған хәм соңында 3 қатарлы клавиатура дизайнында тоқтаған.

Себеби, бул қурылмадағы туймешелердиң ең ықшам жайласыуын тәмийинлеп, қосымша қол ислетпестен бир қол бармақлары менен узын санларды териуге имкан береди.

Каналымыз | @ne_ushin
905 views02:37
Aç / Yorum Yap
2022-12-05 14:27:36
Шаршаған көзлер ушын бес усылдағы пайдалы шынығыў.

Көзимизди ылажы болғанынша беккем жумып, терең дем аламыз. Мойын, жүз, бастың булшық етлерин тартамыз. Демимизди 2-3 секунд услап турамыз, кейин тез дем шығарылады. Дем шығарыўда көзлер үлкен ашылады. Бул усылды бес мәртеге шекем тәкирарлаймыз.

Көзлеримизди жумып, маңлайымыз ҳәм көз бослығының төменги бөлимлерин домалақ ҳәрекетлер менен массаж ислеймиз.

Көзлеримизди жумып, қасларды бос етип ҳәм көзлеримизди шеп тәрептен оңға ҳәм оң тәрептен шепке айлантырамыз. Бул ҳәрекетти 10 рет тәкирарлаймыз.

Бас бармағымызды нәзерден 25-30 см аралыққа қойып, еки көз бенен бармақ ушына 3-5 секунд қараймыз, бир көзимизди 3-5 секунд жумамыз, кейин тағы еки көз менен қараймыз, жумамыз ҳәм тағы басқа көзимизди ашамыз. Бул шынығыў да 10 рет қайталанады.

Бармақларымыздың ушы менен басымызды азғантай сығып, көзлеримизди он мәрте ашып-жумамыз. Терең дем алып шығарамыз. Бул шынығыў да 10 мәрте қайталанады.

Каналымыз | @ne_ushin
1.0K views11:27
Aç / Yorum Yap
2022-12-05 05:31:13
Не ушын уйқыдан алдын телефонынымзды өзимизден узағырақ қойыўымыз керек?

— 2020 -жыл 14 жаслы қыз телефонынан музыка еситип уйқылап қалады. Қыз уйқылап атырған ўақтында телефонының батареясы атылып (партлап) кетеди.

— Ең ашынарлысы, қыздың жүзине қатты зиян жетеди. Оның жүзин алдынғы жағдайына қайта тиклеў ушын, қыз 14 мәрте хирургия столына жатыўға мәжбүр болады.

— Итималлық жақтан бундай жағдайлар болыўын бийкарлап болмайды. Сондай ўақыяларды есапқа алған ҳалда телефоныңыздан узағырақта уйқылаң!

Каналымыз | @ne_ushin
271 views02:31
Aç / Yorum Yap
2022-12-04 16:31:24
Пияда жүриў ден-саулыққа қандай тәсир етеди ?

Жүриў ишки органлар искерлигин жақсылайды. Және бир тәрепи, ол жүрек тамырларын, соның менен бирге, дем алыў ҳәм нерв системасын шынықтырады.

Бир күнде 4 мәрте 10 минуттан пияда жүриўди әдет қылсаңыз, қан басымыңыз нормаға келеди.

Шаққан адымлар менен күнине 120 адым атсаңыз, 15 минуттда 100 ккал.дан қутыласыз.

Аўыр жумыс күниниң “басым” ларынан қутылыўды қәлесейсизбе ? Ондай болса ҳәр күни 20 минуттан пияда жүриң.

Шегиўди таслаўды қәлегенлер де қумары тутқанда 20 минут пияда жүрсе, бул қәлеў әйне сол минуталарда жоғалады екен.

Британиялық илимпазлардың анықлаўына қарағанда, ҳәр күни 1 саат даўамында пияда айланған инсанлар жүрек кесели менен кемирек аўыратуғын екен.

Каналымыз | @ne_ushin
1.9K views13:31
Aç / Yorum Yap