Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын

Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын Н
Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын
Kanal adresi: @ne_ushin
Kategoriler: Eğitim , Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 6.41K
Kanaldan açıklama

🔸 "Не ушын" сораўына жуўап бериўши канал !
📌 Канал жөнелиси | Илим
📮 Реклама | @ne_ushin_reklama
📌Каналымыз | @ne_ushin
⚡️Канал группасы | @Ne_ushin_comment

Ratings & Reviews

1.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

2

1 stars

1


En son Mesajlar 135

2021-10-18 17:01:24
Не ушын суў ҳəм май бирге араласып кетпейди ?

— Суў ҳəм май бир ыдыста турса да араласып кетпейди. Май ыдыстың жоқары бөлегин ийелейди, суў болса төменге шөгип кетеди. Себеби олар қурамлық тəрептен түрлише ҳəм сол себепли араласып кетпейди.

— Суўда водород ионлары бар, майда болса жоқ. Олар бир ыдысда араласып кетиўи ушын ҳəр екеўиниң де водород ионлары бөлеклениўи ҳəм қайтадан биригиўи керек. Майда водород ионлары жоқ екенлиги болса оларды бөлек сақланыўына себеп болады.

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
1.7K views14:01
Aç / Yorum Yap
2021-10-18 10:14:27
Не ушын бүгин ҳаялларымызды бахытлы қылыўымыз керек ?

— Себеби бүгин халық аралық ҳаял бахыты күни. Ҳаялларыңызды тек ғана бүгин емес, ҳардайым бахытлы қылып жүриў несип етсин.

Каналымыз | @Ne_ushin
2.1K viewsedited  07:14
Aç / Yorum Yap
2021-10-17 17:03:14
Не ушын гүналарымыз теңиз көбигинше болса да кеширилиўи мүмкин ?

«Субҳаанәллооҳи ўә биҳамдиҳи» (Аллаҳты ҳамд пенен пәклеймен) деп жүз мәрте айтың.

Сизге Аллаҳ таалаың Өзи жетерли болып, ғам-тәшўиштен қутқарады. Қалай дейсиз бе?

«Ҳасбияллооҳулләзий ләә иләәҳә иллә ҳуў. Ъалайҳи тәўәккәлту ўә ҳуўә Роббул ъаршил ъазийм» (Аллаҳтың Өзи жетерли. Оннан өзге иләҳ жоқ. Оған тәўекел еттим. Ол уллы арштың Рәббиси) деп жети мәрте айтың.

Аллаҳ сизден разы болады. Қалай дейсиз бе?

«Родийту билләәҳи Роббән, ўә бил Исләәми дийнән, ўә биМуҳаммәдин солләллооҳу алайҳи ўә сәлләмә Росуўлә» (Аллаҳты Рәбб деп, Исламды дин деп, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды расул деп разы болдым) деп үш мәрте айтың.

Мың жақсылықты қолға киргизип, мың жаманлықтың қалай өширилиўин билесиз бе?

«Субҳаанәллооҳ» деп жүз мәрте айтың.

Дерек | paziyletuz

@Ne_ushin
2.3K views14:03
Aç / Yorum Yap
2021-10-17 16:18:08
Не ушын узақты көрмейтуғын адам узақтағы затқа көзин қысып қарайды ?

Ол сондай етип, көздиң
"диафрагмасын" пəсейттиреди, бул болса ретинада сүўретти жəне де анықлаў етип көрсетеди.

Көз обиектив болып, оның фокусы аралықты өзгерттиреди, сонда обиекттен шығатуғын нурлар анық ретинага қаратылады. Жақыннан көриў шақ пердениң сыныў көрсеткиши нормадан жоқары болғанында ямаса көз деформацияланғанда пайда болады. Бул жағдай жүзеге келгеннен кейин фокус узынлығын дүзетиў (нормалластырыў) жетерли болмаўы мүмкин.

П.с: Айтпақшы узақтан көретуғын адамларда тап сол тəризде көзлерин жақын аралықтағы затларға көзлерин қысып қарайды. Сиз қайсы топарға киресиз ? (узақтан көриўши, жақын көриўши, нормал ҳалатта көриўши )

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
2.0K viewsedited  13:18
Aç / Yorum Yap
2021-10-17 11:48:44
Не ушын жасыл шай денсаўлық ушын ең пайдалы шай түри есапланады ?

— Европалық изертлеўшилердиң алып барған изертлеўлер нəтийжесинде жасыл шай басқа шай түрлерине қарағанда ең пайдалысы деп табылды. Буған себеп болса ол түрли кеселликлерге ем болатуғынлығы.

— Гəп сонда, жасыл шай қантлы диабет, рак, бүйректе тас пайда болыўы ҳəм дем алыў жоллары кеселликлериниң алдын алады.

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
2.1K views08:48
Aç / Yorum Yap
2021-10-17 06:17:57
Не ушын Ейфел минарасы жазда бийикрек болады ?

— Ейфел минарасының бийиклиги ҳəр жылы жазда бир неше сантиметрге өседи. Ҳаўа суўып , қыс келиўи менен болса тағы өз жағдайына қайтады. Буған тийкарғы себеп - температура.

— Жаз келиўи менен ҳаўа ысыйды. Буның тəсиринде минарадағы металлар кеңейеди жəне оның бийилиги бир неше сантиметрге өседи. Суўық түсиўи менен металлар алдынғы жағдайына қайтады ҳəм минара бийиклиги пəсейеди.

П.с/ Жазда болсын , қыста болсын бир көрип қайтыу́ға арзыйды .

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
436 views03:17
Aç / Yorum Yap
2021-10-16 16:48:16
Не ушын Қураны Кәриймнен 1 ҳәрип оқысақ, 10 саўап жазылады ?

Ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Аллаҳтың Китабынан бир ҳәрип оқыса, оған бир саўап жазылады, жазылғанда да он есе етип жазылады. «Әлиф ләм мим» бир ҳәрип демеймен. Ал, «Әлиф» бир ҳәрип, «Ләм» бир ҳәрип, «Мим» бир ҳәрип – деди.
Имам Термизий рәўияты.

Егер Қураны кәриймдеги ҳәриплердиң саны шама менен 340740 дана деп алсақ ҳәм оны 10 ға көбейтсек, нәтийже 3407400 болады.
Егер бизлер ҳәр айда Қуранды бир мәрте хатм етип барсақ, онда Аллаҳтың инаяты менен бир жылда 40888800 дана саўапқа ийе боламыз.

Дерек: paziyletuz

@ne_ushin
1.4K viewsedited  13:48
Aç / Yorum Yap
2021-10-16 11:18:53
Не ушын 16-октябрь нан күни ?

Пүткил дүния нан күни - ҳəр жылы 16-октябрде байрамланатуғын халық аралық байрам есапланади.

Пүткил дүния нан күни 16-октябрде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Азық -аўқат ҳəм аўыл хожалығы шөлкеми (FAO) дүзилгенлигиниң бир жыллығы мүнасəбети менен байрамланып басланған ҳəм ҳəзирге шекем ҳəр жылы байрамланып келмекте.. FAO ашлықты жеңиў ушын 1945-жылда дүзилген.

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
1.8K views08:18
Aç / Yorum Yap
2021-10-16 08:14:28
Не ушын тик ҳалда суў ишиў зыян?

— Суў туўрыдан-туўры асқазанға түскени ушын, зəрүр болған азық елементлер ҳəм витаминлер баўыр ҳəм аўқат сìңириў трактына жетип бармайды.

— Сиз турып суў ишкениңизде , суў асқазанға жүда тез түседи да өпкеңизди ҳəм жүрек искерлигиңизди қəўипке қояды.

П.с Мағлыўмат ушын: динимизде суўды отырып ишиў сүннет есапланады.

Каналымыз | @ne_ushin
2.0K viewsedited  05:14
Aç / Yorum Yap
2021-10-16 05:11:56
Не ушын Кипрде машина басқарып атырған ўақытта аўқатланыў мүмкин емес ?

— Кипрдеги өзгеше шеклеўлерден бири бул машина айдаўшысының аўқатланыў, ҳəтте əпиўайы мазалы затлар жеўине рухсат берилмейди. Бундай исти ислеген шофёрлар болса жəриймаға тартылады.

— Өйткени ҳүкимет машина басқарыўында аўқатланыў, телефоннан сөйлесиў сыяқлы ҳəрекетлер шофёрдың пикирин бөледы деп есаплайды. Шофёрлар дыққатын шалғытпаўы мақсетинде мəмлекетте бул қағыйда жолға қойылған.

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin
1.9K viewsedited  02:11
Aç / Yorum Yap