Get Mystery Box with random crypto!

QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Telgraf kanalının logosu qaraqalpaqadebiyati — QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ Q
Telgraf kanalının logosu qaraqalpaqadebiyati — QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ
Kanal adresi: @qaraqalpaqadebiyati
Kategoriler: Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 1.16K
Kanaldan açıklama

《Poeziya! Ol ne? Altın ba, dúr me?
Bolmay ma olsız da ómir súrmege?》-
Der birewler. Durıs ģoy. Jasawģa boladı.
Máselen, haywanlar she? Jasamay júr me?
Поэзия шайдалары ушын @keuylge_zhol 🪁

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


En son Mesajlar 18

2021-12-01 21:44:31 КАРАКАЛПАК ТИЛИМДЕ

Атымыз бар жер-жаханге жайылган,
Аспандагы ушкан кусты кайырган,
Туркий тилде топлымды как айырган,
Карамат бар каракалпак тилимде

Женсек жендик,кунимиз жок утылган,
Кууса жеткен,каша гойса кутылган,
Жырлауынан коктеги кун тутылган,
Карамат бар каракалпак тилимде.

Соз ормегин корсен таска баскандай,
Шеберлиги куркылтайдан аскандай,
Жууабыйлыгынан аклын саскандай,
Карамат бар каракалпак тилимде.

Тирилип келгенде мын-мын Пиргауын,
Басын шайкар еди тынлап толгауын,
Каран журттын ар-намысын коргауын,
Карамат бар каракалпак тилимде

Хар тууысым тап Жийренше шешендей,
Соз кыйсынын жайпап салар пишендей,
Саудырап сойлеген аке-шешемдей,
Карамат бар каракалпак тилимде.

Той болса тулпарга ер сап акбаслы,
Кобызын баурына басып наккашлы,
Сайрап откен уллы дарга Соппаслы,
Карамат бар каракалпак тилимде.

Туркистаннан халкым берман посканда,
Жийен жырау кеулин гам-шер осканда,
Кок гунреген мунын сазга косканда,
Карамат бар каракалпак тилимде

Ел "жокары","томен"* болып болинди,
Бунда кеп макан кып тогай-колинди,
Сахрайы булбул боп гезген шолинди,
Карамат бар каракалпак тилимде

Сенде Маманымнын* арман-дарти бар,
Айдос бийдин " уах!" деп жеген панти бар
Ерназар батырдын айткан анты бар,
Карамат бар каракалпак тилимде

Не баксы-жырауга акелген атак,
Не бийге шештирген дауларды шатак,
Не сурдын дузеген минезин путак,
Карамат бар каракалпак тилимде

Хийуа ханы жыйнап шайырды барлык,
Жарыста Кунхожа шыкканда алык,
Тан берген журт гаплерине даналык,
Карамат бар каракалпак тилимде.

Дегиштирген данклы Бердак-Отешти,
Користирген Мансур акын-Дамешти,
Бекиштирген Зийуар атам Менешти,
Карамат бар каракалпак тилимде..

Ким билмес кыссахан Казымауликти,
Аббаз йошса кур хаз етип дурликти,
Тилеубергеннен Умбеталы урикти,
Карамат бар каракалпак тилимде.

Аяпберген бас ийдирген Матенди,
Рам шайыр барган тойга пат енди,
Хеш накылдан табалмаспан катенди,
Карамат бар каракалпак тилимде

Зарур болганындай адамга хауа,
Адебият ен керек азыгын,ауа,
Хар хикмети бийтап кеулине дауа,
Карамат бар каракалпак тилимде

Не шайыр-жазыушы ашып журекти,
Соз онери бостанына гул екти,
Дана еткен Ибрайым-Толекти,
Карамат бар каракалпак тилимде.

Соз саресин сайлап-сайлап шанышкан,
Еле тууылады канша данышпан
Сейдемет дер саган жаны багышпан,
Карамат бар каракалпак тилимде

Сейдемет ХОЖАМЕТОВ.
(Булбулзибан)
1.12.2021

Баршенизге Ана тили байрамы кутлы мубарек болсын!
854 views18:44
Aç / Yorum Yap
2021-12-01 18:23:36 Ана тилиме

Ана тилим. Мақтанышым, арымсаң
Сөйлер сөзим, телегимде барымсаң
Сен арқалы сəлемим хəм əлигим
Аманластым, жақынымды сағынсам

Журт айтқандай өмир турса бес күннен
Сол өмирде мен өзиңсиз хеш киммен
Егер биреу сени жойтылды десе
Тап сол күни жасаудан да кештим мен

Əкем сөзин хəм түсинип, хəм билип
Еситкенмен нəсият я тəмбилик
Бесик шайқап анам айтқан хəййиуим
Қулағыма еситилер мəңгилик

Хəмме жерде сениң атың салмақлы
Зийуар бабам сени көпке аңлатты
Соң Аллаяр атам шығып минберде
Бозатауын саз дауыста жаңлатты

Дегишпең зор, хəзил сөзиң, ушырмаң
Күлгенимде тақыямды ушырған
Қаракеңше "уа-ха-хаң" ның сестинен
Бас шайқамай өтпес хəмме тусыңнан

Тəрийпиңе сəйкес сөзди таппадым
Ана тилим. Келер сени мақтағым
Мен билемен. Өзиң мəңги жасайсаң
Баста аман турса Қарақалпағым

Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)

01.12.2020 ж

@oyshil_qosiqlari
113 views15:23
Aç / Yorum Yap
2021-11-29 15:02:41
#Мәртебең_бәлент_болсын_ана_тилим

Айтжанова Дилбар

Хожели районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 41 санлы қәнигелестирилген мектептиң дөретиўши мәдений мәселелер бойынша үгит нәсиятлаўшысы ҳәўескер шайыр .


@QR_Ruwxiyliq
921 views12:02
Aç / Yorum Yap
2021-11-28 17:09:49
636 views14:09
Aç / Yorum Yap
2021-11-28 17:09:21 Ана тилимде .

Жайҳун,Сайҳун еки дәрья арасы ,
Ана топырақ асыраған баласы ,
Жазса сөзи,айтса ырғақ намасы ,
Ана тилим ~Қарақалпақ тилимде .

Дуньяға жүзлендиң ,тулпарға минип ,
Желбирек бес жулдыз байрағың илип ,
Жан менен бир кирген,қаныңа сиңип ,
Гимнимсең Қарақалпақ тилимде .

"Саҳраның бүлбүли ",саған ат қойған ,
Бердах бабам ,Зийўарымнан сап, ойған,
Бир мақтаса ,мийманына ат сойған ,
~Деп тәрийплер ,Аязийдиң тилинде .

Тил бузылса бара ~бара арықлар,
Тилдур мәлҳәм ,питер..жүрек жарықлар ,
Сен арқалы туўысқандай халықлар ,
Сайрап турған зибанымсаң тилимде .

Аналардың ҳәййиўисең , бесикте ,
Бала аңы қәлиплесер еситсе ,
"Ассалаўма алейкум "сең есикте ,
Көзде меҳир,тилде зикир тилимде .

Ийманымсаң түскендейин Каъбамнан ,
Ақыл еккен, сол нәресте санамнан ,
Ана тилим ,мийрасымсаң Бабамнан ,
Қосығымсаң ,Қарақалпақ тилимде .

Зульфия
Жийемуратова .
27. 11.2021ж.
641 views14:09
Aç / Yorum Yap
2021-11-28 17:09:02
#Мәртебең_бәлент_болсын_ана_тилим!

Аллаяр Дарменов,

Нɵкис қалалық 44-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң дɵретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы, шайыр

Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
558 views14:09
Aç / Yorum Yap
2021-11-28 16:01:47
653 views13:01
Aç / Yorum Yap
2021-11-28 11:50:56
Мен менен сууретке келеди тускиң...

Сезимди умыттың бәлким мениде,
Хукимине қалдырдың бир салқын гуздиң.
"Сулыулар" пәрмана болған демиңде,
Мен менен сууретке келмейди тускиң.

Ең бир таза жери едим қәлбиңниң..
Маған аңлатқандай жалғанлығыңды,
Бир куни аңлайсаң узын өмириңниң,
Ең сулыу байрамы болғанлығымды.
**
Тунги губелеклер қылмаса опа,
Тентек журегиңе өтпесе сөзиң.
Жабылған жараңды тырнап жортаға,
Мени көрсетеди телевизорың.
Турмыс тәшуишине қалсаң оралып,
Мың бир есап санақ кетпей ойыңнан,
Жыллар... Узақласып кеткен аралық...
Бир уй сатып алсам теңиз бойынан,
Қасынан жаратсам арзыулы бағың,
Дийуалын боясам аспан реңине,
Газеталар сонда есигиң тауып:
"Шайыр усы уйде жасайды..." десе..

Сонда ақмақ кеулиң талпынып маған,
Узилген жиплериң келмей келеге,
Еле кимлигимди аңлатып саған,
Умытып барарман кимлигиңди де.
*


Өзиңди еслетип бир аппақ таңда,
Оңына айланып сен көрген тустиң,
Минберде бир қосық оқыйман сонда,
Мен менен сууретке келеди тускиң..

Сарбиназ Айтмуратова
Ноябрь.2021ж

@sen_haqqinda
764 views08:50
Aç / Yorum Yap
2021-11-27 21:28:26
Базда мехир мухаббаттың тухымы болса еди деймен..
Болса еди, ексем еди!
Суйиуди билмеген журеклерге!

@keuylge_zhol
250 views18:28
Aç / Yorum Yap
2021-11-27 18:35:31
АДАМ ДУШПАН ӨЗ -ӨЗИНЕ

Ақыл айтса алмаймыз ҳеш ,
"Жумыс бабы" деп жүрип кеш,
"Аш болдық" деп жеймиз тез- тез,
Адам душпан өз -өзине

Бас қатып көп ойланамыз,
Сәл нәрсеге қыйланамыз,
Киттай затқа жыйналамыз,
Адам душпан өз~ өзине

Бек болмаймыз тилимизге,
Шүкир етип күнимизге ,
Тил тийдирип динимизге,
Адам душпан өз ~өзине

Жақтырмаймыз гәптин ҳағын,
Қызғанамыз басқа бағын ,
Қайым боп етиўге шағым,
Адам душпан өз~ өзине

"Ашыў араз ақыл дос"ын,
Қабылламай бергенди сын,
Билмей сөйлеп"түйе постын",
Адам душпан өз~ өзине.

Сәл нәрсеге қайғы басып ,
Берекетте қашар асып
Қан басымда кетер тасып,
Адам душпан өз өзине.

АЙТЖАНОВА ДИЛБАРХАН
607 views15:35
Aç / Yorum Yap