Get Mystery Box with random crypto!

QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Telgraf kanalının logosu qaraqalpaqadebiyati — QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ Q
Telgraf kanalının logosu qaraqalpaqadebiyati — QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ
Kanal adresi: @qaraqalpaqadebiyati
Kategoriler: Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 1.16K
Kanaldan açıklama

《Poeziya! Ol ne? Altın ba, dúr me?
Bolmay ma olsız da ómir súrmege?》-
Der birewler. Durıs ģoy. Jasawģa boladı.
Máselen, haywanlar she? Jasamay júr me?
Поэзия шайдалары ушын @keuylge_zhol 🪁

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


En son Mesajlar 22

2021-10-06 13:03:27 Сезим сыйқыры

Сыр бермес, қулақ турмес сөзиме.
Кирип келдиң рухсатсыз жас кезиме.
Нәзер таслайғойсам қаллы жузиңе.
Мен өзиңе сыйқырланып қалармедим.
Кешлеримде терең ойға талармедим.

Ай жузли Жулдызсаң жанып турған.
Ләблериңнен палдың өзи тамып турған.
Периймеди хаслың сениң барып турған.
Бар илхамым тек өзиңнен алармедим.
Мың қарасам жанарыңа тоярмедим.

Көз тиймесин тилге келмес тәрийпиң.
Жамалыңды дуния жузи таныйтын.
Мен боларман сениң жалғыз ғарийбиң.
Мен болмасам бул дунияға келермедим.
Аспанымда нурың шашып турармедиң.

Көрмесемде ақылым кетти басымнан.
Суығыңда өзим бахар паслыңман.
Кегейлимде өскен гулдей хаслыңнан.
Мангиликке сыйқырланып қалармедим

Жахангер Жумамуратов
1.5K views10:03
Aç / Yorum Yap
2021-10-06 12:57:15 Шайыр косыклары
https://t.me/ShayirTenelbaySarsenbaev
1.4K views09:57
Aç / Yorum Yap
2021-10-06 09:09:02
Сизге де профилге қойыуға усындай картинкадар керекпе? Егер солай болса сизге төмендеги каналды усыныс етемен. Бул каналда және талантлы шайыр(а)лардың дөретпелерден бәхра алыуыңыз мумкин. Қысқасы кирип өзиңиз баха бериң . Кириу ушын төмендеги силтемени басың:

https://t.me/joinchat/AAAAAE8vyyaIZtQCYL4TNw
1.4K views06:09
Aç / Yorum Yap
2021-10-05 11:58:16 #Ностальгия

Шөпшекке шыққан шынлық гәплер
(Студентлик жылларды еслеў)

Қоллар қабарып, қаўжырап еринлер,
Изде қалды қатал пахта теримлер,
"Пахта-билим булағы", "Пахта-пирим"лер
Бурсаң нақыллар да бурылады-ай.

Күнлик норма 40-50 кило дер,
Жулдыз санап тергизер жетпесе егер,
Пахтаға шықса қызлар комбайн-шебер,
Тахтаға шығып тек жарымады-ай.

Түнде жыйылысып гөрек ашыўлар,
Дәрья кешип қаўын-ғарбыз тасыўлар,
Колоннаға көз тигип, ақыр қашыўлар,
Бес күнлик берип турса налымады-ай.

Биреў аспаз, суўшы тағы качегар,
Ошақта пискен аста бир нәше бар,
Жоқ қанға жалтақланған сол пешше бар,
Кешки аўқатқа келер, танымалы-ай.

Ақ алтынымыз деп алдарқап журтты,
Муғаллим байрамын атызда күтти,
Қабат нәскийлерден ызғарлар өтти,
Бир аўылдан бир тримол табылмады-ай.

Күн қысқарды, норма 40, тезирек тер,
Кейин өлшетесең, қызға гезек бер,
Тез-тез дискотека, костёр-гештеклер,
Аўылдың баллары жабылады-ай.

Тырнақ астын тесип пахта путағы,
Жаз келсе шығады тағы отағы,
МОТ киятыр десе салып шатағын,
Тыпырлап қуўысқа тығылады-ай.

Жамғырда қалып, қалтырап қоллар,
Ылайдан тайғанақ ғаўаша жаллар,
Пахтакешке арналған гөне тамлар,
Тамақ писсе табақ алып жуўырады-ай.

Зериккенде баллар шаўып картасын,
Гөрек атыспақ гә атыз ортасы,
Көтерисип қызлардың партүк, қалтасын,
Көп муҳаббат сол жерде туўылады-ай.

Ай-хай, аман болың, пахта атызлар,
Қара шайын қумсап шәҳәрлик қызлар...
Ертек емес, инилер, бул, нан-дуз бар,
Айтсақ шөпшек, еситкен жалығады-ай.

Басыңыздан боз думан арығаны-ай.

Аллаяр Дарменов,
05.10.2021

Канал: @Allayar_Darmenov
1.5K views08:58
Aç / Yorum Yap
2021-10-04 18:29:38
Kózimnen ketseń de, ketpey kewlimnen,
Nege qıyalımdı urlay berdiń sen,
Ton kiydim desem de tozbas tózimnen,
Sol eski jaranı tırnay berdiń sen...
M.Jumanazarova

@qaraqalpaqadebiyati
1.5K views15:29
Aç / Yorum Yap
2021-10-03 22:02:10 КӨРДИМ

Дунья жалған бирақ көргенлерим шын,
Бермеймен бәрине минди тағып сын,
Қай бирин айтайын көргенлеримниң,
Сан санағы жоққо олар миллион ~ мың.

Көрдим , мийнет етип алғыс алғанды,
Қайыр ислеп мутқа жай да салғанды,
Көрдим, хызмет етпей оған буйырып,
Байсымақ адамша болып қалғанды.

Көрдим , жақсыны да жаманды тойда,
Кеўилли сезимде куўаныш ойда,
Көрдим , тойып алып қутырғанларын,
Көрсетип ҳаммеге сауашты " война"

Көрдим , ана турып бала кеткенин,
Жаслайынан ажел алып кеткенин,
Бул дуньянын қызықларын көреалмай,
Бийпаян дуньяны тәрик еткенин.

Көрдим, өтирикши жүрген мақтаншақ,
Олар сеннен алдап~суўлап алғанша ~ак,
Көрдим, сөз берип сөзде турғанды,
Батыр жүрек олар емес жасқаншақ.

Көрдим , туўысқанды үйден қуўғанды,
Дунья ~ деп жан алып алқым буўганды,
Көрдим , айырылып сол жигеринен,
Көз жасына кейин өзин жуўғанды.

Көрдим , саўдагердин алдап сатқанын,
Нобай пулға өш боп жанды жаққанын,
Көрдим, тәрезиден алдап жеп биреў,
Гүнаны арқалап мыйлық батқанын

Көрдим," балам "~ деп әке, отқа жанғанын,
Сол баласы не күйлерге салғанын,
Көрдим , ақыл ~ зайып болған акени,
Билдирмей жат көзге байлап баққанын.

Дүнья жалған бирақ, көргенлерим шын,
Бермеймен бәрине минди тағып сын,
Кай бирин айтайын көргенлеримниң,
Сан санағы жоқ қо олар миллион ~мың.

ДИЛБАРХАН
1.7K views19:02
Aç / Yorum Yap
2021-10-02 16:45:13 https://t.me/qaraqalpaq_aytisi Әжәйып айтыслар
1.6K views13:45
Aç / Yorum Yap
2021-10-02 00:48:35
***
Мен билемен қайтасыз бир кун...
Уйқыңыздан оянып әсте,
Шийрин туске мени салса тун,
Өткен бахытлы кунлерди еслеп,
Мен билемен. Қайтасыз бир кун.

"Шайыр" десе оң болып тусим,
Исмим шығып шығыс тәрептен,
Илхам перим болғаның ушын,
Тырналардан жолласам сәлем,
Мен билемен қайтасыз биркун.

Ядға тусип менлик әрманың,
Жаз кунинде тоңдырып аяз
Болсадағы мың қыз пәрмана,
Қәлбиңизде жайнамай қуяш.
Бир кулкимди жойтасыз биркун.

Айнаңыздан шытырлап таңда,
Жауып өткен жамғырды тыңлап,
Ынтықтырып бир сезим сонда,
Сууретиме қарап сыбырлап,
"Сағындым" деп айтасыз бир кун.
*
Қәлбиңизге кирген ғайыбана,
Сап ышқыңыз болып улгердим.
Бир мен ушын илахый бағдан
Ең сулыуын терип гуллердиң
Менлик болып қайтасыз бир кун.

Мен билемен қайтасыз биркун,
Хақ кеулиме болып мунәсип,
Бундай уллы мухаббат ушын
Тарлық етип Ташкент қаласы

Көзлериме
қайтасыз
бир кун...

Сарбиназ Айтмуратова
Сентябрь.2021ж
1.7K views21:48
Aç / Yorum Yap
2021-09-30 20:32:30
Устазлар
Итибарға, мәртебеге, ардаққа,
Дүньядағы ең жоқары атаққа,
Жүреклер төринен орын алмаққа,
Ылайықдур барлығына, устазлар!

Инженер де, шыпакер де, алым да,
Дизе бүгип, бас ийеди алдыңда,
Улығлайды хызметиңди халқың да,
Қәдирлисиз атамыздай, устазлар!

Жети өлшеп, кесиў кереклигин бир,
Изленгенди жақсы көрерин өмир,
Тәлим-тәрбияның екенлигин дүр,
Уқтырғансыз оқыўшыңа, устазлар!

Өмирден өз орнын таўып ҳәр адам,
Ашылыўлар жүз береди жаңадан,
Дүнья халқы жасар татыў, абадан,
Мийнетиңниң арқасында, устазлар!

Қашпадыңыз кәсип машақатынан,
Азықландық меҳир-муҳаббатыңнан,
Сиз оқытқан шәкиртлердиң атынан,
Қутлықлайын байрам менен, устазлар!

Сентябрь, 2021
Бахытлы Сарыбаев
1.9K views17:32
Aç / Yorum Yap
2021-09-30 19:58:57 Мениң ертеректе жазған қосығым. Сәл жөнленген халы. Сәнесине қарарсызлар

Устаз

Қарап көрдим хәр инсанның исине,
Киятырман көп нәрсени түсине,
Егер устаз болмағанда әлемде,
Ақыл енер дейсиз қай бир кисиге.

Жүрер едик сөз жазалмай қағазға,
Гәпимизди жеткералмай биразға,
Устаз болған бул заманның өзинде,
Тарыйхын биле алмай кеткенлер азба.

Сол ушын мен қәдирлеймен узтазды,
Олар шөлден билим булағын қазды,
Есин елес билген киши балаға,
Өзинде бар билимди уйретип азды.

Ким устазсыз адам болып кетипти,
Тәлим алмай ким алымлық етипти,
Кимлер қане жеке өзи гүресип,
Ойлаған бар арзыýына жетипти?

Мен устаздан көп нәрселер үйрендим,
Берген бираз илимлерин ийгердим,
Өмиримде орны бөлек болған соң,
Келер мениң "устаз уллы" дейбергим.

Әзиз устаз, миннетдарман өмирде,
Аман болың жаслар ушын хәр дайым,
Хәтте өзим устаз болып кетсем де,
Мен бир сада оқыýшыңыз болайын.

Бабаниязов Қыдырнияз
11.07.2015

Каналға ағза болың
https://t.me/qidirniyazbabaniyazov96
1.5K views16:58
Aç / Yorum Yap