Get Mystery Box with random crypto!

QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Telgraf kanalının logosu qaraqalpaqadebiyati — QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ Q
Telgraf kanalının logosu qaraqalpaqadebiyati — QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ
Kanal adresi: @qaraqalpaqadebiyati
Kategoriler: Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 1.16K
Kanaldan açıklama

《Poeziya! Ol ne? Altın ba, dúr me?
Bolmay ma olsız da ómir súrmege?》-
Der birewler. Durıs ģoy. Jasawģa boladı.
Máselen, haywanlar she? Jasamay júr me?
Поэзия шайдалары ушын @keuylge_zhol 🪁

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


En son Mesajlar 13

2022-01-14 10:54:33
Қорғаўшым ~ Әскер !

Сен ояўсаң....ояў таңлар атырдың ,
Жаўға көксиң қалқан қылып атылдың ,
Сен қанысаң ..Ерназардай батырдың ,
Бул әзийз Ўатанды қорғаўшым ~Әскер !

Тынышлық тилеўшим мың~миллион жанға ,
Батырлық сиңискен әзелден қанға ,
Сол сенсең ,жан берген Ана~ Ўатанға ,
Туўылған топырағын қорғаўшым ~Әскер !

Кеўли жәм бәҳәрди күтеди анаң ,
Тып~тыныш уйықлайды бесикте балаң ,
Мәртлигиң көклерге көтердик мудам ,
Бул әзийз Ўатанды қорғаўшым ~Әскер !

Сен бүркит яңлысаң ,аямас жаўын ,
Халқыма сүйениш "Алип"тей таўым ,
Ҳуқуқым ҳүрметте жоқ тосық,ғаўым ,
Туўылған топырағын қорғаўшым ~Әскер !

Сак~Массагет,Печенектиң ураны ,
Ғайбар руўҳлы Ата~Бабам қыраны ,
Халқым мақтанышы..саў бол мудамы !
Бул әзийз Ўатанды қорғаўшым~Әскер .

14~ январь Ўатан қорғаўшылары күни мүбәрек сәне ҳәмме мәрт жигитлерге қутлы болсын !

Зульфия Жийемуратова
Қоңырат районы.
217 views07:54
Aç / Yorum Yap
2022-01-13 14:41:06
Эстрадамызға енди қәдем қойып атырған жулдызымыз! Бауырымыз Иззет Қарақалпақ жигитинен бир поэзиялық монолог! Мениң Анаға сағыныш қосығымды жақсы, тасирли етип оқыпты! Жудә қууаншылыман! Рәхмет! Кәсибиңизден камал табың! 🏻
477 views11:41
Aç / Yorum Yap
2022-01-12 16:08:02
ҲАЯЛЛАР ҚӘСТЕРЛЕҢ ЕРЛЕРИҢИЗДИ

Кеўил берип қулпырған гүл жаслықта,
Мәңгиликке бас қойған бир дастыққа,
Сүйенер таў болған барлық ўақытта,
Ҳаяллар қәстерлең ерлериңизди.

Ериң- пириң қылмай еки сөзлерин,
Қуяш киби күлип турсын көзлериң,
Көзге сүрме етип басқан излерин,
Ҳаяллар қәстерлең пирлериңизди.

Алпамыстай алдыңдағы айбатың,
Үй- жайым деп аямаған ғайратын,
Султан киби, жарасығың саўлатың,
Ҳаяллар қәстерлең беглериңизди.

Шаңарақтың беккем қорған тиреги,
Бала- шағам дейип соққан жүреги,
Арысландай күшке толған билеги,
Ҳаяллар қәстерлең шерлериңизди.

Олар болса бийғам өтер түнлериң,
Олар болса бийқәтержам күнлериң,
Инәм еткен саған өмир гүллерин,
Ҳаяллар қәстерлең ерлериңизди.

Ақшолпан Аманияз 12.01.2022 жыл

@qaraqalpaqadebiyati
641 views13:08
Aç / Yorum Yap
2022-01-12 12:40:44 АССАЛАУМА АЛЕЙКУМ ӘЗИЗ ОҚЫРМАНЛАР
БУГИН АҚШАМҒЫ АЙТЫСЛАРҒА ТАЙЫНСЫЗБА?
ДОСЛАРЫҢЫЗҒА АЙТТЫҢЫЗБА? ХАБАРЫ БАРМА КОНКУРСТАН?
КЕШКИ САҒАТ 21:00 ДЕ АЙТЫС БАСЛАНАДЫ .. СТАРТ БЕРИЛЕДИ ... ЖУПЛЫҒЫМЫЗ ШЫҒАДЫ ... ОРТАНЫ ЖАРАДЫ .. КЛАВИАТУРАНЫ ҚЫЗДЫРАДЫ ... ЖУЗИҢИЗГЕ КУЛКИ БАҒЫШЛАЙДЫ .. УЙГЕ БИР БАНКА ШИМИШКИ (СЕМИЧКА) ӘКЕЛИП ҚОЙЫУДЫ УМЫТПАҢ ШАҒЫП ОТЫРЫЙЙЙЙП АЙТЫС ОҚЫҢ.. 🏻
ЭЭЭЭХЕЕЕХЭЭЭЭЙ....
АЙТЫС БУГИН БАСЛАНАДЫЫЫЫЫЫ
@qaraqalpaq_aytisi
@qaraqalpaq_aytisi
@qaraqalpaq_aytisi
649 views09:40
Aç / Yorum Yap
2022-01-11 13:27:31
НЫЗАМ ҚОРҒАЎШЫЛАРЫ ПРОКУРОРЛАР

Әдалаттың туўын услаған беккем,
Нызам үстинлигин бас уран еткен,
Ҳуждан шеңберинен шықпаған шектен,
Нызам қорғаўшылары Прокурорлар.

Халықтың бәрҳама мәпин гөзлеген,
Ҳуқықбузарлыққа жаны төзбеген,
Жынаятқа әдил шешим излеген,
Әдалат пасбанлары Прокурорлар.

Жынаят ислеген белшерден батып,
Қылмыскерди әдил жазаға тартып,
Берген антларына болады садық,
Заңға хызмет етиўши Прокурорлар.

Секторларда халық арызын тыңлап,
Жасаў шараятын үйренген бақлап,
Машқаланы шешип атырған мыңлап,
Мың-мың алғыс сизлерге Прокурорлар.

Халықтың дәртин өз дәртиндей билип,
Жүрипсиз үйме-үй аралап кирип,
Хызмети атырған жемисин берип,
Маманы кәсибиниң Прокурорлар.

Әдалат тәрези қолларыңызда,
Ҳеш ким тосық болмас жолларыңызда,
Қатаң тәртип оңлы-солларыңызда,
Турған ҳүкимин сүрип Прокурорлар.

"Формалар" жарасқан бойларыңызға,
Өзгерислер жаңа ойларыңызда,
Буйырсын табысың тойларыңызға,
Байрамың қутлы болсын Прокурорлар.

Байрамың мүбәрек әзиз Прокурорлар!

Ақшолпан Аманияз 08.01.2022 жы
827 views10:27
Aç / Yorum Yap
2022-01-11 12:11:14 Хошласыу..

Тамшысы көзимниң домалап турып,
Келемен шаң көше жағалап, журип,
Изиңде қалдырып дөхмет гәп сөзди,
Кетерсең журекти жаралап , тилип...

Әлле қашан тайын турма дорбаң-да?
Бөлмени толтырып мәңги арманға,
Кәмийне хаяллық бахытқа тоймай,
Жалғызсырап қалар болды жалғанда..

Тым-тырыс...
Қарайман саған мөлерип,
Сен кетерсең өз бахтыңа жөнелип,
Жалбарынып жылағаннан не пайда.?
Сезимлериң қалған болса гөнерип..

Тәғдир жолым сызылғандай тар болып,
Қалар болдым енди саған зар болып,
Өмир жолдас болмаймекен мәңгилик?
Өтпеймекен бир өмирлик яр болып?!

Болады деп сыбырладың көниуге,
Ышқы оты келди дедиң сөниуге,
Сеннен кейин хеш кимди мен суймейин,
Айтшы..
Келип турасаңба көриуге..?

Асылып тур той суурети дийуалда,
Татлы өтмиш естелиги қыйнауда,
Өз өмирин саған арнап суйгенди,
Боламекен усылайша қыйнауға?!

Уйде елес, болар болдың тек есте,
Хеш болмаса перзентиңнен уаз кешпе,
Тилеп журер болдым, хеш бир хаялды,
Хәуес етип жасатпағай "кунлеске"

Телмиремиз енди сол узын жолға,
Гейде азық тулик көтерип қолға,
Хабар алып уйге келип турарсаң..
Жолың болсын!
Аман бол!
Ал яхшы онда...!

Мукаррама Оразбаева
2021.19.08
678 views09:11
Aç / Yorum Yap
2022-01-11 12:03:20 Келиншек

Келин болып, кулип-кулип кеттиңизбе,
Журегимди тилип-тилип кеттиңизбе,
Жалғызлықта нелер болсам, болдым-ғой мен,
Сиз муратқа жеттиңизбе, жеттиңизбе?.

Қашан меннен танған қыздан танар кеўлим,
Жолға қарап қанар кеўлим, қанар кеўлим,
Алдыңызға ынтық болып жанар кеўлим,
Жат көшеден өттиңизбе, өттиңизбе?.

Кеўлиңизди алдыма сум жеңгелери,
Алдап жолға салдыма я ҳийлелери,
Көзиңизди алып тиллә-теңгелери,
Сеўгимизди зерлерине саттыңызба?

Мүлкиңизге не перийлер ҳәўес етпес,
Ярым , айтың, сизге және нелер жетпес,
Неге айдай жузиңизден қайғы кетпес,
Хижран дәртин сизде енди таттыңызба?

Күн батпастан есигиңиз жабылады,
Көк зулпына полат шынжыр асылады,
Жылаў менен қумарыңыз басылады,
Излеп-излеп сол зинданды таптыңызба??

Суйиклим-аў ,сол көшкиге баттыңызба?.

Мухаммад Юсуф Өзбекстан халық шайыры.
Аўдармалаған А.Қойлыбаев
787 views09:03
Aç / Yorum Yap
2022-01-10 15:15:39 КЕЎИЛ САНДЫҒЫМДЫ АШАЙЫН БҮГИН

Қыял жетегине, ере берместен,
Жаныма дым жәбир бере берместен,
Тарса көзди жумып, көре берместен,
Безип жаманлықтан қашайын бүгин.

Тәрки әйлеп кетпей жүрген ойымнан,
Серпилип уўайым, қайғы бойымнан,
Гөззал сезимлер менен тойынған,
Бийтәшўиш бийәрман жасайын бүгин.

Әлемге шуўағын шашқан күн киби,
Таўыстай таранып алған ҳүр киби,
Нарт жарып ғумшасын ашқан гүл киби,
Үлесип жақсылық шашайын бүгин.

Таң қалып дос-душпан ҳайрана болсын,
Иши тар ғәнимлер, жүзлери солсын,
Қәлбиңиз лиммә-лим шадлыққа толсын,
Кеўил сандығымды ашайын бүгин.

Меҳир булағымның ийрими тартып,
Бир әлем қуўаныш етейин тартық,
Аппақ шағаладай көсилип шалқып,
Илхәм дәрьясындай тасайын бүгин.

Дүньяға сүйкимли көз бенен бағып,
Үмитимниң сөнген шырасын жағып,
Әл ҳаўа да еркин қанатым қағып,
Қустай пәрўаз әйлеп ушайын бүгин.

Ақшолпан Аманияз 10.01.2022 жыл
203 views12:15
Aç / Yorum Yap
2022-01-10 08:48:23 Сансыз әрман, жетегине ериппен
Ушқақпанба, қыялпараз ериккен
Унсиз жылап, тырнап кеуил сарайын
Сай бойына , келдим екен неликтен

Кимге айтсам, ким тусинер дадымды?
Турли ойлар, санап атқан адымды
Сен ақ жеткил, мен жетпеген бахытқа
Қурбанлыққа шалып бердим жанымды

Тула бойым, зардап шекти жәбирден
Куткен едим, келер дейип сабырмен
Сен екенсең тынысымның мазмуны
Сенсиз дуньям, аумас екен кәбирден

Зилдей болып батып атыр сезимим
Сонғы деми қалған ау, жан төзимниң
Сонда дағы бахыт тилеп өзиңе
Жуўмаклайын, мани кашпай сөзимниң

Н.Т.К 27.12.2021ж.
297 views05:48
Aç / Yorum Yap
2022-01-04 14:29:11 ҚОРҒАНЫҢДЫ ҚАЛА САБЫР ТАСЫНАН

Өтер жақсы, жаман, күнлер басынан,
"Болар бала белли деген жасынан",
Ҳей! Қам сүт емген, ҳәзирети инсан,
Қорғаныңды қала сабыр тасынан.

Аллаҳ сынағына көниўиң ушын,
Жайып шақа, өнип-өсиўиң ушын,
Төзип қысыўметке, көниўиң ушын,
Қорғаныңды сазла сабыр тасынан.

Турмыс мушларына төтепки берип,
Жасаўды қәлесең көкирек керип,
Басып игри жол да,... аяқты терип,
Қорғаныңды ғамла сабыр тасынан.

Турса қыялың мың муқамға дөнип,
Өмирге ықласың кетпестен сөнип,
Пақсаларын пискен, гербиштен өрип,
Қорғаныңды өргил сабыр тасынан.

"Сабыр түби, сары алтын" деген бар,
Етпес әмел, буған надан адамлар,
Жаратқанға артып, үмит яранлар,
Қорғаныңды қурғыл сабыр тасынан.

Сыр бар астарында ҳәр бир ҳикметтиң,
Болады рәҳәти,... шеккен мәнеттиң,
Аллаҳ ўәде еткен: - гилти жәннеттиң,
Қорғаныңды қала сабыр тасынан.

Ақшолпан Аманияз 04.01.2022 жыл
475 views11:29
Aç / Yorum Yap