Get Mystery Box with random crypto!

QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Telgraf kanalının logosu qaraqalpaqadebiyati — QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ Q
Telgraf kanalının logosu qaraqalpaqadebiyati — QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ
Kanal adresi: @qaraqalpaqadebiyati
Kategoriler: Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 1.16K
Kanaldan açıklama

《Poeziya! Ol ne? Altın ba, dúr me?
Bolmay ma olsız da ómir súrmege?》-
Der birewler. Durıs ģoy. Jasawģa boladı.
Máselen, haywanlar she? Jasamay júr me?
Поэзия шайдалары ушын @keuylge_zhol 🪁

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


En son Mesajlar 6

2022-02-04 16:40:10
Бола ма?

Сүйкимли, назлана күлген уағыңды
Сыртлай тамашалау қандай жағымлы
Тилим адастырып айтажағымды
Үнсиз излериңнен ерсем бола ма?

Айтшы өзи маған не сыйқыр еттиң?
Кеуил сарайымда жаңаша епкин
Нəмəлим сезимге салдың да кеттиң
Қыялыңда ким бар, билсем бола ма?

Сүйместен, қылсаң да журтқа масқара
Туйғыларым айтқым келер əшкара
Ашықларың хəммесинен аспаға
Сауғаға жүрегим берсем бола ма?

Солай кеуилиңниң есигин қақсам
Нийетим, қəнекей өзиңе жақсам
Соранарым... Хеш болмаса бир ақшам
Шийрын түслериңе кирсем бола ма?

Арзыуым шыңының барып қасына
Хəм өрмелеп шығып уша-басына
Жеткиншек үмитлер босағасына
Гүл исмиңди жазып илсем бола ма?

Уқсайман кешиккен гүз бүлбилине
Сестим қарлыққаны турса билине
Сен киби доланған бəхəр гүлине
Өзимди мүнəсип көрсем бола ма?

Хəр кимниң бар өзи излер инсаны
Ал мениң жан-тəним саған интəлы
Ашықша демесең, мейли пинхəмы
Сыртыңнан унатып жүрсем бола ма?

Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)

20.11.2020 ж

@oyshil_qosiqlari
354 views13:40
Aç / Yorum Yap
2022-02-04 12:36:57 ТӨРТЛИКЛЕР

Адам келер, кетер дуркин ҳәм дүркин,
Жүрек қыймас екен дүньяның көркин,
Улықмандай мың жыл өмир сүрсеңде,
Соның ар жағында бар тағы бир күн.

Адамдағы турли-турли сыр қандай,
Биреўлер-зор, биреў-қудай урғандай,
Миллет етер турса кирттай ҳәмелде,
Ҳүкиметти жалғыз өзи қурғандай.

Ақмақларда ҳәмел ушын қумар дым,
Алма питпес ағашына шынардың,
Ешек қалар, бәрҳа ешек жайында,
Төбесине шығарсаңда шынардың.

Бергенлерде, билгенлерде жийренген,
Ҳәр ким оған нәлет айтар күйгеннен,
Парахорлық өз алдына бир кесел,
Дийўанадай қолып жайып үйренген.

Данышпан деп жүр екенбиз маўбасты...
Ҳайран қалып қыялларым алжасты,
Кешеги күн журттың бәри сыйлаған,
"Периштелер" бүгин көрсенң "албаслы"

Жалтақ сөзи-жылтыраған шатақтай,
Ақмақ сөзи тикенекли путақтай,
Көпти көрген қарыяларды тыңласаң,
Оқылмаған тап-тамаша китаптай.

Тилеуберген Жумамуратов
488 views09:36
Aç / Yorum Yap
2022-02-04 00:37:58 "Бәндиргим қайда"


Көп еди... қыялда, жазбаға қосық
Дилимди жаўлады, сенсизлик бослық
Кеуил бәндиргисин ильхамым таппай
Сағымды сындырды, сезимди осып

Өмирдың жолында, жолаўшы менде
Мухаббат, қурбанлық пайыңа, кембе
Журек бәндиргисин, көзиңе илмей
Мендейн жәбирли, екенсең сенде

Бәндирги... бәндирги, бизики қане,
Қанша жолым қалды, журемен және,
Айтыңлар, силтеңлер, шаршадым бәлким
Шаршадым айтыўға, сылтаўлар, бәне

Айт маған, "бәндирги", сырыңды ашып
Мәужли ильхам бер, қалайын "тасып"
Табалмай сергиздан, өкпели дилим
Сағыныш өксиўин, алайын басып

Бахыт бәндиргиси, мәнзилиң қайда
Мендейн өзиңе, көп еди шайда
Өмир гузарында соқпағын жойтып
Адасқан талайлар , жол алды, "Айға"

НАДИРБЕК ҚАЙЫПБЕРГЕНОВ
636 views21:37
Aç / Yorum Yap
2022-02-03 15:54:48 "БИР ҚОСЫҚ ЖАЗҒЫМ КЕЛЕР СЕН ТУЎРАЛЫ"

Бир қосық жазғым келер Сен туўралы,
Тез жетип жүрегиңе баратуғын.
Арадан неше жыллар өтседағы,
Өшпестен кеўилиңде қалатуғын...

Бир қосық жазғым келер, өшпейтуғын,
Қағазды отқа жағып таслағанда,
Муңайсаң ләблериңе күлки сыйлап,
Жубатар көзлериңди жаслағанда...

Бир қосық жазғым келер, көз алдыңнан,
Ашсаң да, жумсаңдағы кетпейтуғын,
Дүняның мың-мыңлаған дәстанлары,
Соның бир қатарына жетпейтуғын...

Бир қосық жазғым келер, зерли қатар,
Баҳасын билип душпан күйетуғын,
Сен оқып сүйсингеннен қатты қысып,
Қағазды қайта-қайта сүйетуғын...

Бир қосық жазғым келер сүйсинердей,
Сениң бар тәрийпиңди жарытқанда,
Тек ғана пәк сезимлер сәўлеленген,
Бойыңнан гүманларды дарытқандай...

Бир қосық жазғым келер Сен туўралы,
Емлердей жүректеги ҳазарыңды,
Ҳәзирше шайыр бола қойған жоқпан,
Билемен бир күн әлбет жазарымды...

Өжет Байназаров.
700 views12:54
Aç / Yorum Yap
2022-02-03 07:14:38 Зағара
(Драббл)

Кореяда оқып, изинен сол жақта жумыс ислеп сегиз жыл дегенде елге қайтты. Кеш киргенде Нөкис базарынан «маршрутка»ға отырды. Буйырса, ярым сааттан «қашан қайтасаң?» деп қақсай беретуғын анасын қуўантады.
Еле жолаўшы минип толыспаған Дамастың алдында отырса, машинаның тап түбинде зағара сатып турған ҳаялға көзи түсти. Балалығы, сол ўақтағы паёк унға таласықта туратуғын анасын еследи. Екинши класта қатқан зағара жеп отырып бир тисин сындырғаны ядына түсти…
Суўықта ызғар өткен аяқларын гезеклетип тыпырлатып атырған ҳаялды аяп кетти. Дамастан түспей қапыны ашты да «зағараңыз қаншадан, апа, екеўин алайын?» деди. –Үш мы… Ҳаял тутлығып бирден артына қарады.
-Балам…

Аллаяр Дарменов,
02.02.2022.


@Allayar_Darmenov
712 views04:14
Aç / Yorum Yap
2022-02-02 22:46:33 БӘРИБИР БАСҚАША ЕДИ-ДӘ КӨЗИҢ.

Еле есимде тур мухаббат сенлик
Сенсиз тап-тар болды бул шексиз кеңлик.
Ышқым үш алпыс бес күн көлемлик
Бәрибир басқаша еди-дә көзиң.

Өшти он сегиз мың өлшем әлемлер
Жууапсыз жоғалды сонша сәлемлер.
Сыясын тауысты қанша қәлемлер
Бәрибир басқаша еди-дә сөзиң.

Умыт болып кетпей сен әсте -әсте
Түслериме кирип тур, бираз нәпеске.
Жүрек сыймай атыр көксим қәпеске
Бәрибир басқаша едиң-дә өзиң.

13-Войн.06.01.2019
746 views19:46
Aç / Yorum Yap
2022-02-02 15:40:43
Хошласыў
Бул қосықты оқырманымның жазған уақыясына тийкарланып жаздым (жеке өмириме байланысы жоқ)

Расында да! Кунлеске хәуес етип жасау бул ең ауыр сауда...

Шаңарағыңыз бузылмасын қәдирлим

Кеўил Кеўилден суў ишер

@keuylge_zhol

Каналға ағза болың
737 views12:40
Aç / Yorum Yap
2022-02-02 07:30:48 Бола ма?

Сүйкимли, назлана күлген уағыңды
Сыртлай тамашалау қандай жағымлы
Тилим адастырып айтажағымды
Үнсиз излериңнен ерсем бола ма?

Айтшы өзи маған не сыйқыр еттиң?
Кеуил сарайымда жаңаша епкин
Нəмəлим сезимге салдың да кеттиң
Қыялыңда ким бар, билсем бола ма?

Сүйместен, қылсаң да журтқа масқара
Туйғыларым айтқым келер əшкара
Ашықларың хəммесинен аспаға
Сауғаға жүрегим берсем бола ма?

Солай кеуилиңниң есигин қақсам
Нийетим, қəнекей өзиңе жақсам
Соранарым... Хеш болмаса бир ақшам
Шийрын түслериңе кирсем бола ма?

Арзыуым шыңының барып қасына
Хəм өрмелеп шығып уша-басына
Жеткиншек үмитлер босағасына
Гүл исмиңди жазып илсем бола ма?

Уқсайман кешиккен гүз бүлбилине
Сестим қарлыққаны турса билине
Сен киби доланған бəхəр гүлине
Өзимди мүнəсип көрсем бола ма?

Хəр кимниң бар өзи излер инсаны
Ал мениң жан-тəним саған интəлы
Ашықша демесең, мейли пинхəмы
Сыртыңнан унатып жүрсем бола ма?

Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)

20.11.2020 ж

@oyshil_qosiqlari
777 views04:30
Aç / Yorum Yap
2022-02-01 18:19:25 Ақ халатлы аппақ әрманым...


Ўәделестик! байладық кеўил жибин,
Күт дедиң. Санап жүрдим оқыў жылың,
Аўыл салқын, гүзлер қыстай тоңдырады,
Шайқаған, таллар басын мениң жырым..

Ийиледи мажнунталлар шақалары,
Сырларыма гүўа суўдың жағалары,
Тармақтағы суўретиңе телмиремен,
Аўырғанда сызлап, кеўил жаралары..

Жийделерди ийискелеп сен жақтырған,
Ынтық болып, пинхан жылап таң атырған,
"Отырған қыз" десер болды мен ашықты,
Үмит жибин жалғап жүрген бир хатыңнан!

Диплом қолда! Тахыяңды ылақтырып
Мен сорлыдан талғамыңды жырақ қылып
Өзгелерден сорай алмай дерегиңди
Ҳәрекетим қыз басыма уят қылық

Көнип көрсин дегениң-бе сынақларға,
Жулқынады делбе журек жырақларға,
Сен келмедиң, келди сеннен шақырыў хат
Жалтыраған жузиклериң бармақларда..

****

Ынжық болар екен ийбеси қыздың,
Қурбаны болса да еки аўыз сөздиң,
Бийнесип қалдырған ашық жүректи,
Тәғдир қыстаўына қолымды создым.

Бахыт талас базарында турмыстың,
Қурғақ уәде берип жалғыз жургиздиң,
Өз бахтына күте күте кешкиккен,
Ийесимен сүйиў атлы қылмыстың.

Мен кешиккен бәндиргилер шақырар,
Гүлдирмама атың айтып бақырар,
Өртеп, өзиң жаққан ышқы ошағы,
Ахўалыма арзыўларым ах урар.

Хошласпай кеткениң, теңеп балаға?
Бәлким ырайыңды бузған жалама?
"Гүл көйлегим кийип" өзиң жақтырған,
Шыдатпай хазарың, шықтым қалаға..

Өзиңе айтаман күткенлеримди,
Сүйдирип, интизар еткенлериңди,
Қатты боянбадым, жасырмайын деп,
"Өзиң жақсы көрген сепкиллеримди".

Жазмышқа шараны излеген болып,
Ишимнен бир әжеп ғайратқа толып,
Барлық естеликти салып дорбама,
Шақырыў хатыңды қойныма қойып..

Жүректе уўайым, қадем тасладым,
Жийделер төгилип шайқар басларын,
"Тойға барамыз" деп сәлем айтысты,
Шығарып салғанда классласларың,.

Жол бойы ойланып ойды тоздырып,
Көликти қыяллар барды оздырып,
Жаптан бой көтерген қамыслар басы,
Әўмет тилескендей бойын создырып..

Ашық исин қалдырмайын шалаға,
Деген нийет қуўат берип санаға,
Тәўекел деп келип қалдым сүйиклим,
Сени меннен тартып алған қалаға.

Улкен имәратлар төбемнен қарап,
" Бу не кешиктиң?" Деп турғандай сорап,
Сүйеди! Сүймейди! Дегенге жорып,
Отырдым дизилген "Дамасты санап".

2021.12.12

Даўамы *

Бир биринен сулыў узын көшелер,
Көрикли кийинген көрикли қызлар,
Бул қалаға бийганаман! Сезилер,
Қызғаныш бийлеген кеўилим сызлар.

Жек көремен хәтте зәулим уйлерди,
Кеўилим тар болып қалғанба сирә?,
Бир инсанды суйип, барлық әлемди,
Жек көрип қалған мен сорлыны қара!

Шыпахана жақын, ойлар орасан,
Алагөлек минез, бундай көрмеген,
Қорқыныш басқанда ойлап қарасам,
"Докторға хеш жолықпаған екенмен "

Келдим саў басымды салып сылтаўға,
Бийтапқа уқсайды негизи жузим,
Тил питсин бул ынжық кеўил, сақаўға,
Ашагөр сен, соқыр ашықтың көзин.

Кабинетиң алды, нәубетке толы,
"Бир қыз көзлериме таныс көринер"
Қарынын сыйпалап тынбады қолы,
Орнынан турыўға мәзи еринер..

Тырнап алақанды, аўызым кеўип,
Келиспей ақыл хәм журек сәўбети,
Бир аяқ екинши аяқты теўип,
"Келди, бағанағы қыздың нәўбети...

Асығыслық етпей, Еринип сөйлеп,
Кириң деп, сермеди маған есикти,
Тырнақлары узын, хәм келте көйлек,
Маған нәўбет берип, өзи кешикти.

Журектиң дурсили қулақ астында,
Қадемим даўысы алды әлемди,
"Аппақ Халат, аппақ қалпақ басында"
Қәсте ашығыңа көрип жан енди.

Ентигип қолыңды создың кулимлеп,
Албырап қолымды создым уятлы,
Телефоның қоңыраўы гурилдеп,
Мениң менен өшлес болған сыяқлы.

"-Алло..
Усы соңғы пациент... Болды,
Хорошо" деп қысқа кестиң сәўбетти,
Саўлатыңды көрген көзлерим толды,
"Сулыў Доктор болыпсаң қәдди қәўметли.."

Даўамы бар*

Мукаррама Оразбаева

2022.02.01

Кеўил Кеўилден суў ишер

@keuylge_zhol

Каналға ағза болың
304 views15:19
Aç / Yorum Yap
2022-02-01 14:32:44
Сен умыт

Делбемиз ышқыда, тәғдирде теңсизлик,
Сыйымыз айралық, сынаўда женшилдик.
Көнбестен не иләж, салғаңды ўайқанды
Ақшамда, айсыз түн, ал менде сенсизлик!.

Қуўсақта қаншама, тутпадық көшти биз,
Айландық елеске, ертектей ескимиз,
Аху-зар шегемиз көрсетпей, себеби
Қәдирлей алмадық, қулады көшкимиз...

Жалғанды жеңиўге, тынбастан тырыстық,
Исимиз умытыў, жең турып киристик,
Көрмеймиз десекте, ҳәр сапар гезлесип,
Айтпаға сөз таппай, биз үнсиз турыстық...

Жасаймыз тән алып, жалғанның барымын,
Қол жетпес әрманы болғанша ярының,
Жаңлатып жүректе айралық қосығын,
Жибердик өткерип, өмирдиң ярымын...

Сен умыт ядыңнан, әрманлы ышқыны,
Мен еслеп жасайын өткенниң барлығын...

Абдирахман Зергер.
01.02.2022
302 views11:32
Aç / Yorum Yap