Get Mystery Box with random crypto!

QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Telgraf kanalının logosu qaraqalpaqadebiyati — QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ Q
Telgraf kanalının logosu qaraqalpaqadebiyati — QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ
Kanal adresi: @qaraqalpaqadebiyati
Kategoriler: Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 1.16K
Kanaldan açıklama

《Poeziya! Ol ne? Altın ba, dúr me?
Bolmay ma olsız da ómir súrmege?》-
Der birewler. Durıs ģoy. Jasawģa boladı.
Máselen, haywanlar she? Jasamay júr me?
Поэзия шайдалары ушын @keuylge_zhol 🪁

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


En son Mesajlar 9

2022-01-23 15:27:25
#кеуилимкеширмелери

Сезимлер сермейди қолын уатанға,
Жумсақ журегиңди салма қаталға,
Шыпа әйлеп Аллам атқан ақ таңға,
Саўлатыңды көтерип шығагөр Әкем

@keuylge_zhol

Кеўил Кеўилден суу ишер Каналға ағза болың
524 views12:27
Aç / Yorum Yap
2022-01-23 12:59:12 ХӘР КУНИ СААТ 21:00 ХӘМ 00:00 АРАЛЫҒЫНДА, ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ

@qaraqalpaq_aytisi

ТЕЛЕГРАММ КАНАЛЫНДА ,
"ТАРМАҚТАҒЫ АЙТЫСКЕР "
ТАҢЛАУЫ, ЖУПЛЫҚ АЙТЫСЛАРЫ БОЛЫП ӨТЕТУҒЫНЫН ХАБАРЛАЙМЫЗ...
БИЗДЕН УЗАҚЛАСПАҢ 🏻
528 views09:59
Aç / Yorum Yap
2022-01-23 12:57:48
Жалаңбасларға

Ей қарындас, жатсынба бас кийимди,
Усынайын саған ақыл сыйымды,
Басың мейли, хеш болмаса суýықтан,
Қорғап турсын ишиндегин мийиңди.

Ей бирәдар, хор болмайды қорғанған,
Саý жүрген жөн жатып кесел болғаннан,
Атам айтқан суýық пенен ойнама,
Көрсетеди енеңди үш қорғаннан.

Шаш түрмегим бузылады демегин,
Наýқас болсаң тийгизбес ол көмегин,
Басың шашсыз жасай алар бирақта,
Шашың бассыз жасарма? Ай билмедим.

Қосығымды биреу түсинип оқыр,
Ал биреý буған да насақ сөз тоқыр,
Қайтседе айтыýым керек, себеби,
Келешекти бизге исенип отыр.

Бабаниязов Қыдырнияз
22.01.2022

Каналға ағза болың
https://t.me/qidirniyazbabaniyazov96
582 views09:57
Aç / Yorum Yap
2022-01-23 09:04:51
"АЛЛАЯРЫМ ҚЫРЫҚТА, АЛ ДӘЎЛЕТБАЙ ЕЛИЎДЕ"

Қарекеңе күн күлсе,
тайын турар булты бар.
Соны көрген шайырдан,
ериксизден жыр туўар.
"Ей тәңирим, ектиң бе,
өсирген сол гүлиңди,"
Дегендейме биреўлер:
"кешиктирмей қырқып ал!"
Деп ойлама ей халық:
"Ердиң аты қуртылар",
Умытпастай ҳешқашан,
Қарақалпақ журты бар!
Мейли заман қулпырар,
Талай жерде утылар,
Өлмейди ҳеш бирақ та,
Елим деген Уллылар...

Кейпиятты көтермес,
өкиниш көп кеўилде.
Себеп болар тек ғана,
иштен шығар дебдиўге.
Пейили бир, жасаса да,
түрли-түрли дәўирде,
Сонлықтан да екеўи,
бирге турар тилимде
Елимизди тек алға,
тартқан еки арысы,
Ерте сынды, илажсыз,
мәжбүр едик көниўге.
Олар кетти Бахыйға,
имкан жоқты келиўге,
Аллаярым қырықта,
ал Дәўлетбай елиўде...

Өжет Байназаров
609 views06:04
Aç / Yorum Yap
2022-01-22 22:22:52 "БЕРДАҒЫ ЖОҚ ЗАМАН-Ә!..."

Бул күнлери шөп те қосық, шөбир де,
Жағымпаздың айдарын жел қағама?!
Жазылады келген затлар кеўилге,
Ессиз ғана, Бердағы жоқ заман-ә!..

Шайырларға толды патша сарайы,
Сарай емес "мақтаў сөзлер орайы",
"- Кемшилик пе?!...
- Яқ, жазбаңыз, ол айып!"
Деп өзлери сыбыр-сыбыр қылама?!

Оқып көрсең... "Жасап жүрмиз, хошлықта,
Кемимиз жоқ, толып турар бослық та..."
Өмир сүргиң келеди сол қосықта,
Әттең бирақ сәйкес келмес шамама...

Неге керек, көрип турған өтирик?!
"Жоқ" затларды "Бар" дей бериў "көпирип",
Көрген пайда, зал төринде отырып,
Бар болғаны "Фахрий ёрлиқ" ала ма?!.

Жазсамбекен "солар" менен ойласып?
Сыйлықланып, оны бирге тойласып...
(Қой, өзимниң лирикамнан қоймасын!
Жағымпазлық сыя қоймас санама...)

Ҳәзир көби ҳақыйқаттан атлаған,
Қосықларын мақтаўларға таплаған,
Ҳеш қайсысы елдиң жайын айтпаған,
Ессиз ғана, Бердағы жоқ заман-ә!..

Тапсаң тап ал, сөзлеримниң қәтесин,
Табылмаса намыс пенен дәртлесиң.
(Гәп келгенде аямаған әкесин,
Ал ким жаман?...
Сирә Өжет жаман а?!)

Өжет Байназаров.
22.01.2022.
380 views19:22
Aç / Yorum Yap
2022-01-22 18:40:29 ХӘР КУНИ СААТ 21:00 ХӘМ 00:00 АРАЛЫҒЫНДА, ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ

@qaraqalpaq_aytisi

ТЕЛЕГРАММ КАНАЛЫНДА ,
"ТАРМАҚТАҒЫ АЙТЫСКЕР "
ТАҢЛАУЫ, ЖУПЛЫҚ АЙТЫСЛАРЫ БОЛЫП ӨТЕТУҒЫНЫН ХАБАРЛАЙМЫЗ...
БИЗДЕН УЗАҚЛАСПАҢ 🏻
537 views15:40
Aç / Yorum Yap
2022-01-22 18:30:27
#фильмнен

" - Әкең, альцгеймер; хәтте сен оның баласы екениңди де билмейди.

- Мейли, мен оның Әкем екенин билемен."

*Альцгеймер-50 жастан асқан инсанларда пайда болатуғын ақыл еси, интеллекти төменлейтуғын науқаслық...

@keuylge_zhol

Кеўил Кеўилден суу ишер Каналға ағза болың
510 views15:30
Aç / Yorum Yap
2022-01-22 14:25:55
Ышқы муҳабатдың несин жазайын,
Маған мәңги берип кеткен сазайын,
Өмир гезлестирди, айтқызбай хош деп,
Ески әрманымның несин қазайын.

Жаслық ойларымда сенсең жананым,
Танысқанда урланып көп қарадым,
Жыллар өтти, ойлар бирақ өтпеди,
Жазылмады жүрегимде жара дым.

Тәғдийр қастың бардай дедиң езил сен,
Естен кетпес бердиң ышқы сезим сен,
Ақлым айтар болды енди ойлама,
Кеўлим нетер еди сенде безинсең.

Жақыным сен кеўилге де көзгеде,
Менде жүрмен сенде жүрсең өзгеде,
Бизлер сонда тил қатпастан кеткенбиз,
Бахытлы бол деген аңсат сөзгеде.

Жаслық минез шығар кеткен есирип,
Бахытлы бол! айтдым бүгин кешигип,
Бахыт деген мәңги емес екенғой,
Биреўлерде түсип атыр шешилип.

Өмир дигершеги артқа айланбас,
Ойға талсам ойланар тек ҳайран бас,
Жүрегимде өзиң салған из сондай,
Бийик таўдан қулап, жерди ойған тас


Жаңабай Анетеев.
11-февраль 2021-жыл.
342 views11:25
Aç / Yorum Yap
2022-01-21 23:31:11
83 views20:31
Aç / Yorum Yap
2022-01-21 23:29:30 Жаңаланған дәрт

Қыс ҳаўасы суўық, аспан түнерген
Жолаўшыман пайтахтқа жөнелген
Көлик толы сонша қызлар бирақта
Менде көз таслаўшы әдет гөнерген.

Киятырман терезеге телмирип
Зуўылдаған көринисти ем билип
(Ол сәнем жоқ, сағынғаның пайдасыз
Деген ойды қыялыма ендирип)

Аздай айра түсиргени бизлерди
Тәғдир қайта жаңалады излерди
Қорқар едим сени көрсетпегей деп
Бүгин мине қорққан исим жүз берди.

Япырмай!... Қәйтерсең дунья тарлығын
Сен миндиң де, умыттырдың бәрлығын
Нәзерлер сөйлесер, әтирап жым-жыт
Сездирип қоймағай интизарлығым.

Көзлерим шыдамнан қарыз сораған
Я дедиң бе? "күйдирейин көрағал!"
Жалт-жулт етип, ишкенемди жағардай
Дым жарасқан басыңдағы орамал.

Мейли жандыр, опасызым иркилме!
Сол қәдирсиз жүрегимди тилкимле
Ардақ етип келген соңғы үмитим
Кетсин өлип мыйықтағы күлкиңде.

Кеўилим төринен толқып жан-жырым
Ғам салады қос ийниме бар зилин
Дәрт ҳазары турса қысқыға алып
Жеткермей баратыр түсер мәнзилим.

Көлик шүйкилдиси бөлди итибар
Келинлик жеринде түсти итимал
Дәртим менен қалайын мен көликте
Эй шын бахыт сүйиклимди күтип ал!

Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)
86 views20:29
Aç / Yorum Yap