Get Mystery Box with random crypto!

QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Telgraf kanalının logosu qaraqalpaqadebiyati — QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ Q
Telgraf kanalının logosu qaraqalpaqadebiyati — QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ
Kanal adresi: @qaraqalpaqadebiyati
Kategoriler: Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 1.16K
Kanaldan açıklama

《Poeziya! Ol ne? Altın ba, dúr me?
Bolmay ma olsız da ómir súrmege?》-
Der birewler. Durıs ģoy. Jasawģa boladı.
Máselen, haywanlar she? Jasamay júr me?
Поэзия шайдалары ушын @keuylge_zhol 🪁

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


En son Mesajlar 7

2022-01-31 10:06:56 "ЖАСАЎ..."

Әтирапқа салған нәзер талғандай,
Баққан менен бәрин көрип жалғандай.
Сол жалғаннан бир ҳақыйқат излеўге,
Талпыныўға күшим жетпей қалғандай...

Ортайғанда өмир жастың өлшеми,
Билдирместен басар екен еңсени.
Усындайда бүктирместей қәддиңди,
Бир жылт еткен үмит керек ең кеми...

Жетпейтуғын жерге кеўил умтылып,
Қулақ салмай көрсетеди мың қылық.
Жетпесине әбден көзи жеткен соң,
Сөз көтермей қала берди-аў ынжылып...

Қәте бардай мына "жасаў заңы"нда,
Бириң кемдей, енди жеткен шағыңда,
Усы күнге шекем толық болған жоқ,
Солайынша кетер қалған жағында...

Алдында тур буның да ең қызығы,
Жуўырасаң бир турып, бир жығылып.
"Енди мине ҳәммесине жеттим" де!
Жасың жетип, жаның кетер үзилип...

Тусиниксиз... Жасаў - бахыт, жасаў - дәрт.
Биреўлерге жеңил... Кимге машақат...
Биреў айтар: "жеў ушын биз жасаймыз!"
Дейди биреў: "жасаў ушын ас-аўқат..."

Қыялларым кетти бетер булдырап,
Шаршасқаннан ентигеди қалтырап.
Ойлаўымша, жасаў ушын бир үмит,
Турса болды шамдай болып жылтырап!..

, Өжет Байназаров
31. 01. 2022
418 views07:06
Aç / Yorum Yap
2022-01-31 07:47:58
ҲАЙРАН ҚАЛАМАН

Руўхы тетиктиң бири едим,
Қалмады қуўатым, жигерим,
Қәтени қай жерде жибердим?
Ҳайран қаламан.

Бирим болмас еки, еселеп,
Бир қырсық алдымды кеселеп,
Сүрмедим өмирди нәшелеп,
Ҳайран қаламан.

Кисиге олыйып бақпайман,
Кимге жағып, кимге жақпайман,
Ойымдай, ойды ҳеш таппайман,
Ҳайран қаламан.

Қопаллықты ҳәзим қылмадым,
"Аўзыма тақан сап турмадым",
Әдалат ақтарып тынбадым,
Ҳайран қаламан.

Жайсам да ҳәммеге қанатым,
Болмады бир ҳасыл муратым,
Көринбей қумырсқа қурақым,
Ҳайран қаламан.

Қайнасам гөжедей пақырлап,
Сөйлесем сөзимди нақыллап,
Жоқ бенде алардай паҳымлап,
Ҳайран қаламан.

Кең дүнья тарылып қалғандай,
Бир нәрсе салқынын салғандай,
Жүйкем де қысқыға алғандай,
Ҳайран қаламан.

Не өтти өзимнен билемен,
Сабырлық танытсам жеңемен,
Дым ақырзаманман неге мен?
Ҳайран қаламан.

Ақшолпан Аманияз 30.01.2022 жыл
482 views04:47
Aç / Yorum Yap
2022-01-30 16:48:21
Кеўил Кеўилден суў ишер

@keuylge_zhol

Каналға ағза болың
425 views13:48
Aç / Yorum Yap
2022-01-30 15:53:33
Жақсы нийет пенен минип ақ тулпар,
Әкеңди миндирип жол жүрип кеттиң.
Мәнзилиң болды ма мәңгилик сапар?
Кәрўан қайтпас жайға келмеске кеттиң.

Бул ақшам аспаннан сөнди шоқ жулдыз,
Халыққа удайы хызметиң еттиң,
Жүрек төримизде турасыз ҳәргиз,
Гиреўли орныңды опырып кеттиң.

Кеўилиң пәклиги мудамы ибрат,
Көк аспан қабағын бозартып кеттиң,
Излер сени ҳәтте Ана тәбият,
Тур, қара! Аппақ қар жаўдырып кеттиң.

Үлкен, киши демей тең көрип бәрин,
Қатнасыў нелигин билдирип кеттиң,
Сыр бермей келсе де қатты қәҳәриң,
Төрели сөзлериң тас жарып кеттиң.

Перзент дағында күймегей атам деп,
Жетелеп, ялғанды тәрк етип кеттиң,
Баласының өлгенин де көрсетпей,
Әкеңди бахытлы еттиң де кеттиң.

Келдиме мәўритлер енди хошласар?
Биз сизге ырзамыз, ырза бол бизге,
Кемпир сойыслыққа турған жоралар
Соңғы мәнзилгеде гүзетер бирге...

Руўхыңыз шад, топырағыңыз торқа болғай!

Жансерик Жарлепесов 28.01.22
538 views12:53
Aç / Yorum Yap
2022-01-29 12:28:05
Кеўил Кеўилден суў ишер

@keuylge_zhol

Каналға ағза болың
224 views09:28
Aç / Yorum Yap
2022-01-28 13:26:32 ӘСИРЛЕРГЕ ГҮЎА БОЛҒАН ГҮЖИМЛЕР

Жапырақлары самал менен шайқалып,
Жутқан ишке барлық дәрти байқалып,
Көклерге бой созып турған марқайып,
Әсирлерге гүўа болған гүжимлер.

Көргенсең-аў: алғаў- далғаў заманды,
-Жут ашлыққа, көнген талай адамды,
-Батырларын сатып берген наданды,
Тарийхыма гүўа болған гүжимлер.

Айтшы! Кимлер келип, кимлер кеткенин,
Салып ийинине, бели, кетпенин,
Бабаларым, аўыр мийнет еткенин,
Шежиреме гүўа болған гүжимлер.

Қарасам қандырған көздиң қумарын,
Қәсийетиң, қурғақлыққа шыдамың,
Асырасаң шорлы жердиң қунарын,
Апатларға гүўа болған гүжимлер.

Жоқ зибаның, не билгениң ишиңде,
Жасайсаң тисиңди қойып тисиңе,
Жасың минсе уқсап бир қарт кисиге,
Атлан- шапқа гүўа болған гүжимлер.

Теңсизликке жүрек, баўрың тилинип,
Қалғандайсаң белиң жерге бүгилип,
Ғаррылықтың аламаты билинип,
Сүргинлерге гүўа болған гүжимлер.

Теберик терексең журтқа бурыннан,
Саяларың сақлар күнниң нурынан,
Тамырларың жерге терең урылған,
Өтмишлерге гүўа болған гүжимлер.

Әтирапқа сап ҳаўаны таратып,
Жолаўшының басын бурып қаратып,
Ҳасыл қылып бир жуплықты жаратып,
Муҳаббатқа гүўа болған гүжимлер.

Ақшолпан Аманияз 28.01.2022 жыл
228 views10:26
Aç / Yorum Yap
2022-01-27 18:16:35
"КӨРИСЕЙИК КӨШЕҢИЗДИҢ БАСЫНДА"

Б. Узақов сөзин жазған,
Б. Жуматаев оқыған.

Әтир сеўдим, көз әйнекти тағайын,
Яр жолына мен алыстан бағайын,
Геўгим түспей турып жолға шығайын,
Көрисейик көшеңиздиң басында.


https://t.me/baxtiyarjumataev

@bayjan_uzaqov
447 views15:16
Aç / Yorum Yap
2022-01-27 18:13:14 КӨРИСЕЙИК, КӨШЕҢ'ИЗДИҢ БАСЫНДА

Әтир сеўдим... көз әйнекти тағайын.
Яр жолына мен алыстан бағайын.
Геўгим түспей турып жолға шығайын.
Көрисейик, көшеңиздиң басында.

Қәлбим қәлеўине шексиз бағындым.
Муҳаббаттан ҳинжи-маржан тағындың...
Айдай жамалыңды дым-дым сағындым.
Көрисейик, көшеңиздиң басында.

Асығыс атландым сени көриўге.
Кеўилге әжайып нағыс өриўге.
Сен ҳәм тезлет, бери қарай жүриўге.
Көрисейик, көшеңиздиң басында.

Қолыңнан усласам дүрсилдер жүрек.
Излеп табалмадым саяман терек.
Ашықлар бәри-бир ушырасыў керек.
Көрисейик, көшеңиздиң басында.

Сени көрсем йошып илҳәмланаман.
Келмей қалсаң мен бийтақат боламан.
Дийдарыңа тоймай қарап тураман.
Көрисейик, көшеңиздиң басында.

Жалтақ-жалтақ қарап қойып кейниңе.
Сүмбил шашларыңды жайсаң ийниме.
Бир поса алар-ем тийип зейниңе.
Көрисейик, көшеңиздиң басында.

Бирге қәдем атсам келешек жолға.
Бахытқа бөленсем, қол берип қолға.
Көзлер шағылыссын сыйқырлы нурға.
Көрисейик, көшеңиздиң басында.

Гәплеримди түсин, тереңнен уғып.
Ҳеш кимге көринбей турыппан буғып.
Уйиңниң ишине билдирмей шығып.
Көрисейик, көшеңиздиң басында.

Байжан УЗАҚОВ,
2-январь, 2017-жыл
506 views15:13
Aç / Yorum Yap
2022-01-26 13:26:40 https://t.me/qaraqalpaq_aytisi
250 views10:26
Aç / Yorum Yap