Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын

Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын Н
Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын
Kanal adresi: @ne_ushin
Kategoriler: Eğitim , Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 6.41K
Kanaldan açıklama

🔸 "Не ушын" сораўына жуўап бериўши канал !
📌 Канал жөнелиси | Илим
📮 Реклама | @ne_ushin_reklama
📌Каналымыз | @ne_ushin
⚡️Канал группасы | @Ne_ushin_comment

Ratings & Reviews

1.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

2

1 stars

1


En son Mesajlar 3

2023-01-03 08:21:25
Не ушын ҳаяллар ер адамларға қарағанда узағырақ өмир көреди?

Аҳаджон Абдухалилов

Дүня бойынша орташа өмир көриў жасы ҳаялларда ер адамларға қарағанда сезилерли дәрежеде жоқары. Медицина тәрептен де қыз балалар жасағыш есапланады, буның бир қанша себеплери бар :

Зыянлы әдетлер: Ер адамлар арасында алкогол ҳәм темеки өнимлерине берилип кетиў жағдайы көп ушырайды.

Генетикалық фактор. Ер адамлардың жыныслық клеткасында бир Х хромосома болыўы , еки жыныс ўәкиллери ушын да тән болған кеселликлердиң ер адамларда көбирек ушыраўына алып келеди.

Ендокрин фактор. Жас өтиўи менен ер адамлардың тийкарғы гормони тестостерон ҳәм майлар алмасыўы арасындағы процесслер ер адамлардың ишки ағзалары әтирапында май топланыўына себеп болады. Бул болса турмыс сапасына тәсир көрсетеди.

Стресс. Әдетде ер адамлар шаңарақ бағыўшысы ретинде турмыстың үлкен бөлегин стрессде өткереди, бул да бир қанша кеселликлердиң пайда болыўына алып келеди.

Каналымыз | @ne_ushin
614 views05:21
Aç / Yorum Yap
2023-01-02 08:34:07
Аўысқан оливьени жеп таўыстыңларма ?

Жүда берекетли салатта

Каналымыз | @ne_ushin
1.8K views05:34
Aç / Yorum Yap
2023-01-01 14:36:39
Не ушын микротолқынлы печ тосынан пайда болған деп айтылады ?

Бұл пайдалы ойлап табылыу 1945-жылы АҚШтың радар қурылмалары лабораториясында ислеуши Перси Лаберон тәрепинен жаратылған. Ол өзинен микротолқын шығаратуғын печтиң қасынан өткен уақытта қалтасындағы шоколадтың ерип атырғанын аңлаған.

Бұл хадийсе арқалы микротолқынларды ауқат ысытыуда пайдаланыу керек деген шешимге келеди хам биринши ауқат ысытыушы микротолқынлы печ ойлап табылады. Ең қызығы бул ойлап табылыу ушын бул жумысшы бары-жоғы 2 $ алған.

Каналымыз | @ne_ushin
2.8K views11:36
Aç / Yorum Yap
2023-01-01 06:22:06
Не ушын сүт өнимлерин ишиў пайдалы ?

Сүт өнимлери өмирди узайтырыўы тастыйықланди

Канадалық изертлеўшилердиң сүт өнимлерин ишиў өмир көриў даўамлылығына байланыслы екенин тастыйықлай алатуғын илимий изертлеў нәтийжелерин жәриялады.

Сүт өнимлериниң (изертлеўде көрсетилген) бир порсияси — бир стакан сүт ямаса ёгурт, 15 грамм сир ямаса 5 грамм сары майға тең.

Сүт өнимлерини тутынылатын порция санына көре қатнасыўшылар 4 группаға бөлинген. Алынған нәтийжелерге көре, күнине 3, 2 порциядан артық тутыныў жүрек-қан тамыр кеселликлери ҳәм басқа себеплерге көре өлим қәўпин 2,2% га кемейтирген.

Каналымыз | @ne_ushin
1.8K views03:22
Aç / Yorum Yap
2022-12-31 19:09:41
Новый год

Каналымыз | @ne_ushin
1.1K views16:09
Aç / Yorum Yap
2022-12-31 08:02:21
Бармақ массажы жәрдеминде саламатлықты жақсылаймыз.

Бас бармақ. Денениң ислеўи ушын жуўапкер болып табылады.

Қарын бослығындағы аўырыў, ассиңириўдеги қыйыншылықты көрсеткиш бармағын массаж қылыў арқалы аңсат ғана жеңиў мүмкин.

Ортаншы бармақ. Қан айланыўын жақсылайды. Кеўил айныў ҳәм бас айланған ўақытта, орта бармақты масаж етиң.

Аноним бармақ (атсыз бармақ ). Бул бармақ бизиң кейпиятымызды басқарады. Кейпиятыңыз кеўилсиз ўақыяны еситкен ўақытта түсип кеткенде, аноним бармағыңызды массаж қылың.

Кишкене бармақ. Бул бармақтың массажы уйқыны жақсылайды, стрессти услап турыўға ҳәм оннан кейин жеңип өтиўге жәрдем береди, жүрек урыўын нормалластырады, сезимий күшлерди асырады ҳәм күшейтеди.

Каналымыз | @ne_ushin
567 views05:02
Aç / Yorum Yap
2022-12-30 07:33:50
Мандарин қабығының пайдалы тәреплери...

Мандарин қабығы өзинде ефир майларын сақлайды ҳәм көплеген кеселликлерге ем болады.

Аязлаўда. Мандарин қабығы мурын питиўинде жүдә жақсы пайда береди. 2-3 мандарин қабығының үстине қайнаған суў қуйып, 10 минут тындырғаннан кейин, бул демлемеде пуўлы ванна етип, дем алынса, мурын питиўин даўалайды.

Диабет. Қабық қандағы қант муғдарын пәсейттиреди. Оның ушын 3 мандаринниң қабығын 1 литр суўға салып, 10 минут даўамында қайнатылады. Кейиннен музлатқышқа салып қойылады. Ҳәр күни азанда ҳәм кеште аўқаттан кейин ишиледи.

Рак профилактикасында. Мандарин қабығы өзинде көплеген антиоксидантлар сақлайды ҳәм рак клеткалары пайда болыўының алдын алады.

Каналымыз | @ne_ushin
2.2K views04:33
Aç / Yorum Yap
2022-12-29 07:05:48
Не ушын тисти азанғы шәйдан кейин жуўыў керек ?

Уйқудан турыў менен биринши гезекте тислерди жуўыў жақсылаў болып табылады. Бул кеше төпланған барлық бактерияларды жоқ етиў ушын әҳмийетли есапланады. Егер сизде тыс гигиенасы жақсы болса, артықша пломбалар, азық-аўқат тығылып қалған жерлер жоқ, азанғы шайдан кейин тек аўызыңызды шайыў жеткиликли . Азанда тислерди екинши мәрте жуўыў қәлеўиңизге байланыслы .

Кеште уйықлаўдан алдын, аўқаттан кейин тислерди жуўыў орынлы болып табылады.

Каналымыз | @ne_ushin
142 views04:05
Aç / Yorum Yap
2022-12-28 09:15:44
Не ушын Арқа Кореяның ҳәр бир шаштарезханасында сүўретте көрсетилген баннерлер қыстырылған ?

—Арқа Корея халқы ҳүкимет тәрепинен рәсмий тастыйықланған шаш түрмеклерине ийе .

— Бундай фото плакатлар мәмлекеттеги ҳәр бир шаштәрезханада қойып шығылған. Басқа шаш түрмегинен пайдаланыў мүмкин емес.

— Соның менен бирге ҳүкимет мурынды тесиў ҳәм тар жинси шалбарларды кийиўди де қадаған еткен .

Каналымыз | @ne_ushin
3.6K views06:15
Aç / Yorum Yap
2022-12-27 15:59:19
Не ушын йогурт жеўимиз керек ?

Себеби йогурт - қан басымын түсиреди .

Сүт өнимлери, әсиресе йогурт, қан басымын түсиреди. Өйткени , сүт өнимлери қурамында қан басымын тәртипке салыўда қатнасатуғын бир қатар микроелементлар, атап айтқанда калций, магний ҳәм калий бар.

Буннан тысқары, йогурт белокларды , өндириске үлес қосатуғын бактерияларды өз ишине алады. Булар, өз гезегинде, қан басымына тәсир етеди.

Каналымыз | @ne_ushin
180 views12:59
Aç / Yorum Yap