Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын

Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын Н
Telgraf kanalının logosu ne_ushin — Не ушын
Kanal adresi: @ne_ushin
Kategoriler: Eğitim , Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 6.41K
Kanaldan açıklama

🔸 "Не ушын" сораўына жуўап бериўши канал !
📌 Канал жөнелиси | Илим
📮 Реклама | @ne_ushin_reklama
📌Каналымыз | @ne_ushin
⚡️Канал группасы | @Ne_ushin_comment

Ratings & Reviews

1.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

2

1 stars

1


En son Mesajlar 4

2022-12-27 06:12:46
Wednesday dance

Kanalımız | @ne_ushin
1.4K views03:12
Aç / Yorum Yap
2022-12-26 08:21:55
Не ушын терезелер еки қабат айнадан жасалады ?

Жыллылық изоляциясын асырыў ушын терезелер бир-бирине беккемленген еки ямаса оннан да артық айнадан исленеди. Айналар арасындағы бослық хаўа менен толтырылады, хаўаның жыллылық өткизиушеңлиги шийшеге қарағанда 40 мәрте кем.
Әдетте шийше-хаўа-шийше конституциясы имараттағы жыллылықты сақлаўға имкән береди.

Каналымыз | @ne_ushin
443 views05:21
Aç / Yorum Yap
2022-12-25 06:31:13 Sózi: Ibrayım Yusupov

Naması: Najimaddin Muxammaddinov

Jayxun jaǵasında ósken bayterek,
Túbi bir shaqası mıń bolar demek,
Sen sonday sayalı, quyashlı elseń,
Tınıshlıq hám ıǵbal sendegi tilek.

Naqıratı:
Diyxan baba nápesi bar jerinde,
Juwsan ańqıp, kiyik qashar shólinde,
«Qaraqalpaqstan» degen atıńdı,
Áwladlar ádiwler júrek tórinde.

Aydın keleshekke shaqırar zaman,
Mártlik miynet, bilim jetkizer oǵan,
Xalqıń bar azamat, dos hám mehriban,
Erkin jaynap–jasna, mángi bol aman.

Naqıratı:
Diyxan baba nápesi bar jerinde,
Juwsan ańqıp, kiyik qashar shólinde,
«Qaraqalpaqstan» degen atıńdı,
Áwladlar ádiwler júrek tórinde.

Kanalımız @ne_ushin
3.5K views03:31
Aç / Yorum Yap
2022-12-24 07:44:32
Bayramıń qutlı bolsın giminim

Kanalımız | @ne_ushin
697 viewsedited  04:44
Aç / Yorum Yap
2022-12-23 07:33:23
Ҳаяллар еки ярым шары менен тыңлайды...

Изертлеў өткерилди, онда ер адамлар ҳәм ҳаялларға көркем өнер дөретпелеринен үзиндилер оқып берилди ҳәм мий искерлиги нәтийжеси жазып алынды .

Ер адамларда мийдиң тек шеп ярымы активлести (аўызеки сөйлеў ҳәм сөйлеўди басқарыўшы нерв орайы), ҳаяллардың көпшилиги текғана шеп ярым шары емес, бәлким оң ярым шарыда (дөретиўшилик ҳәм сезимди басқарыўшы орайлар) активлик көрсетти.

Демек, бул ҳаяллардың айтылғанынан көре көбирек затты еситиўи ҳәм сезине алыныўы менен түсиндириледи.

Каналымыз | @ne_ushin
3.0K views04:33
Aç / Yorum Yap
2022-12-22 14:56:56
Сессия қалай болып атыр студентлер ?

Каналымыз | @ne_ushin
612 views11:56
Aç / Yorum Yap
2022-12-22 14:50:36


Yangi yilga ISHONCHdan 2023 ta sovg‘a!

3,5 mln so‘m va undan yuqori xaridlarni amalga oshirib, "Yangi yil tuhfasi" aksiyasida qatnashing va 2023 ta sovg‘alardan birini qo‘lga kiritish imkoniyatiga ega bo‘ling

Aksiya muddati 01.12.2022 dan 15.01.2023 gacha

O‘zingizni va yaqinlaringizni bayram kunlari xursand qiling, barchangizni savdo do‘konlarimizda kutamiz

Batafsil: +998735152222
@ishonch
637 views11:50
Aç / Yorum Yap
2022-12-22 05:11:40
Не ушын бул шоколадлы батончиклер "Snickers" деп аталады ?

—Бул шоколад ойлап табыўшысы Франклин Марс 1929-жылда Чикагода ислеп шығарыўды баслаған ҳәм оған өзиниң қәдирли аты "Snickers" тиң лақабын қойған.

П.с. Snickers бул аттың аты екенда. Енди сиз буны билесиз

Каналымыз | @ne_ushin
721 views02:11
Aç / Yorum Yap
2022-12-21 07:07:47
Не ушын бүгин Ялдо күни деп аталады ?

21 декабрьдан 22 декабрьға өтетин күни әжайып ҳәдийсе жүз береди. Яғный усы сәнеде ең узын түн болады.

Бул күни ең қысқа күн, ең узын түн ҳәдийсеси жүз берип ҳәм бул Ялдо кешеси деп аталады

П.с Ертеңнен баслап күн узайып баслайды.

Каналымыз | @ne_ushin
1.4K views04:07
Aç / Yorum Yap
2022-12-20 07:48:13
Б6 витамининиң пайдалары...

Картошка қурамындағы Б6 витамини зыянлы елементлер менен ислейтуғын ҳәмде темеки шегиўшилер ушын жүдә пайдалы.

Гәп сонда, шегиўшилер организминде кадмий елементи көп муғдарда жыйналады. Ол өкпе ушын жүдә зыянлы.
В6 витамини болса бул елементты зыянсизландырып, дем алыў жолларын тазалайды.

Бул витамин тери кеселликлери ҳәм күйиўлерде жүдә керекли. Сол себепли картошка шербетинен күйиў ҳәм басқа жаралардың питиўинде пайдаланады.

Каналымыз | @ne_ushin
360 views04:48
Aç / Yorum Yap